Аралбойы халықаралық инновациялық орайында Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов Қытай илимлер академиясының Синзян экология ҳәм география институты, Шорланыў шараятында биодийқаншылық халықаралық орайы (БАӘ), Японияның Тоттори университети Арид ҳәм шөлистанлықты изертлеў орайы, Японияның Мие университети Биоресурсларды изертлеў институты профессор-илимпазларынан ибарат делегация менен ушырасты.

Шорланыў шараятында биодийқаншылық халықаралық орайы менен биргеликте «Қарақалпақстанның төмен раўажланған районларында өндиристиң турақлы системаларын раўажландырыў» бойынша 2023-2025-жылларға мөлшерленген жойбар, Японияның Тоттори университети Арид ҳәм шөлистанлықты изертлеў орайы менен биргеликте болса арнаўлы дузды тазалаў плёнкасы жәрдеминде фиксацияланған суўғарыўда суў нәтийжелилигин ҳәм шорланыўды басқарыў жойбары әмелге асырылып атырғанын атап өтиў керек.

Ушырасыўда делегация ағзалары орайдың тәжирийбе-сынақ майданында әмелге асырылып атырған  инновациялық жойбарлар ҳәм илажлар менен жақыннан танысты. Сондай-ақ, өз-ара бирге ислесиў шеңберинде әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳәм илажлар толық додаланды. Соның менен бирге, «Aral dream» көргизбесин тамашалады ҳәм Аралбойы регионында жасыл технологияларды енгизиў, ислеп шығыў ҳәм  таныстырыў бойынша биргеликтеги лаборатория менен жақыннан танысты.

Соңында келешектеги ўазыйпалар, жаңа жойбарлар ҳәм бирге ислесиўди және де беккемлеў бағдарлары белгилеп алынды. Бул болса, тәреплер арасындағы қатнасықлардың және де раўажланыўына ҳәм әҳмийетли стратегиялық мақсетлердиң әмелге асыўына хызмет етеди.

Мағлыўмат ушын, ҳәзирги ўақытта Аралбойы халықаралық инновация орайында Синцзян экология ҳәм география институты менен биргеликтеги жойбарлар шеңберинде Саманбай ҳәм Мойнақ тәжирийбе участкаларында жәми 3,7 гектар майданда 23 түрдеги дәстүрий емес  дузға шыдамлы галофит өсимликлеринде тәжирийбе-сынақ жумыслары әмелге асырылды, тәжирийбе участкасында тамшылатып суўғарыў системасы жаратылып, киши метостанция орнатылды. Буннан тысқары, Аралбойы регионында жасыл технологияларды изертлеў, ислеп шығыў ҳәм усыныў бойынша биргеликтеги лаборатория шөлкемлестирилип, Қытайдан баҳасы 1 миллион юанлық (127 000  АҚШ доллары) лаборатория әсбап-үскенелери жеткерип берилген ҳәм қәнигелескен лаборатория иске қосылған. Қалаберди, Қарақалпақстанда дәрилик «Систанхе» өсимлигин жетистириўди үйрениў мақсетинде Мойнақ тәжирийбе участкасында қытайлы илимпазлар менен биргеликте өсимлик туқымын тәжирийбе түринде егиў жумыслары әмелге асырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги