Бүгинги дәўир- исбилерменниң дәўири. Истиң көзин билип имканиятлардан орынлы пайдаланған жаслар халыққа  хызмет көрсетиўи менен мол дәраматқа ийе болып, жаңа табысларға ериспекте.

Усындай имканиятлардан пайдалана билген  Нөкис районы «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйынындағы  «Mийрибек» жуўапкершилиги шекленген жәмийети усы жылдың июнь айында өз жумысын баслап, нан өнимлерин писириўди жолға қойды.

Бул жерде  күнине 700-800 дана  ҳәр қыйлы нан өнимлеринен писирилип, халқымызға сапалы ҳәм арзан баҳада жеткерилип берилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги