Сыртқы ислер министрлиги баспасөз хызметиниң мәлимлемесине бола, 2024-жыл 19-август күни Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов “Air Products” компаниясының баслығы, президенти ҳәм бас директоры Сейфи Гасеми менен ушырасыў өткерди.

Сөйлесиўде Өзбекстан Ҳүкимети энергия үнемлеўши экономиканы раўажландырыў ҳәм ең жақсы дүнья тәжирийбеси ҳәм технологияларын тартыўға бел байлағаны атап өтилди. Атап өтилгениндей, Өзбекстан “Air Products” компаниясының дүнья көлеминде топ-5 инвестициялық бағдарларының қатарына кирип, дүньядағы ең алдынғы энергия ислеп шығарыў заводларынан бирине ийе. Ушырасыўда биргеликтеги жойбарларды өз ўақтында әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги