Диастола-қан басымының төменги  көрсеткиши. Қан басымын өлшеўде еки параметр есапқа алынады: жоқары систолиялық  ҳәм төменги диастолиялық басым. Систолиялық басым жоқары көрсеткиш болып, жүректиң толық қысқарыўы пайытында тамырлардағы максимал басымын өлшейди. Диастолиялық басым-төменги көрсеткиш арқалы жүректиң толық босаўы ўақтында тамырлардағы минимал басымын өлшейди, ол жүрек босаған ўақтында тамыр тонусы тийкарынан бүйреклерди тәртипке салады.

Төменги  (диастолиялық) басым ҳәм жоқары (систолиялық) басымның артыўы жүрек ҳәм қан-тамырлары менен байланыслы болған машқалалардан дәрек береди. Лекин, кеселлик жасы менен байланыслы болса, систолиялық басым және де үлкен  әҳмийетке ийе болады.

Бул санлар  организмниң  қан тамырлары қанша эластиклигин билдиреди. 60 ҳәм 90 аралығындағы индикатор норма есапланады. Егер көрсеткиш көбирек яки кемирек болса, бул басым көтерилиўи яки төменлеўиниң себебин анықлаў ушын қәниге менен байланысыў кереклигин билдиреди.

Қан тамырларының саламатлығы бүйреклердиң нормада ислеўине байланыслы. Бул орган менен байланыслы машқалалар диастола көрсеткишине де тәсир көрсетеди.

Тонометрдеги жоқары  санлар төмендегилер менен байланыслы:

 

  • бүйреклер артериясының тарайыўы
  • созылмалы бүйрек жетиспеўшилиги
  • гломерулонефрит;
  • пиелонефрит;
  • организмде натрий яки жат бирикпелердиң артыўы
  • бүйрек үсти безлери дисфункцияси;
  • қалқансыяқлы без кеселликлери.

Диастоликалық басымның төменлеўи төмендегилерге байланыслы:

  • суўсызланыў
  • туберкулёз кеселлиги
  • кемқанлық
  • стресс

Диастоликалық  көрсеткишиниң төменлеўи  жас өспиримлерде де көп  ушырасады. Бул жағдай олардың өсип баратырған организм үлкен көлемдеги қанды айдап бере алмаслығы менен белгиленеди. Лекин, көплеген жағдайларда жас өспиримлерде бул жағдай ўақыттың өтиўи менен артта қалады.

Қан басымы нормада емеслигин қалай билиўге болады?

Инфаркт яки инсульттан әўелги жағдайды бастан кеширгенлер, сондай-ақ, ҳәмиледар ҳаяллар ушын басымның төменлеўин бақлаў оғада әҳмийетли есапланады. Өзгерислер ҳәмилениң қан айланыўына кери тәсир көрсетеди. Егер қан басымы көрсеткишлери бәрқулла нормадан парық қылса яки жоқары яки төмен көрсеткишлер арасындағы айырмашылық киши болса онда медициналық тексериўден өтиў керек. Шыпакер наўқасты төмен басым түсип кетиў себебин индивидуал түрде анықлайды яки емлеў курсын белгилейди.

               Қан басымын өлшеў қағыйдалары

Қан басымын аўқаттан соң 2 саат өткеннен кейин өлшеў керек, өлшеўден алдын шекпеў ҳәм спиртли ишимликлерди пайдаланбаў усыныс етиледи. Қан басымын өлшеўде адам қолайсыз  жағдайға ушырайды, қол алақанын жоқарыға қаратып қояды, шығанағы бираз ийилип, жүрекке тең дәрежеде жайластырылады. Қан басымы манжети шығанақтан 3 см бәлентликке қойылады.

Фонендоскоп артерия пулсациясы точкасында- шығанақтың ишки бетине жайластырылады, соннан кейин ҳаўа әсте-ақырынлық пенен шығарылады. Биринши соққының пайда болыўы систологиялық басым есапланады, соққылар  жоқ болған пайытта –диастолиялық  басым.

Аўырыў ҳәр қыйлы себеплер менен пайда болады. Бирақ, ҳәр бир инсанның саламатлығы өз қолында. Саламат турмыс кешириўге әдетленип, жат иллетлерден аўлақ жүриў, темеки, спиртли ишимликлер ҳәм нәшебентлик затлардан тыйылыў ҳәм нерв талшықларының зыянланыўының алдын алыў бәршемизди қан тамыр кеселликлерине  шатылыўдан сақлайды.

 

Интернет материаллары тийкарында таярланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги