“Юксалиш” ҳәрекети Өзбекстан Нотариал палатасы менен биргеликте  2020-жылдан берли республикалық көлемде “Ҳуқықый мәсләҳәтлер күни” бийпул акциясын өткерип келмекте. Усы акция шеңберинде нотариуслар тәрепинен халыққа бийпул мәсләҳәтлер бериледи.

Усы жыл 20-август күни Нөкис қаласы Пушкин көшеси 45-жайдағы нотариуслер имаратында  “Юксалиш” ҳәрекети, “Мадад” мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми, Өзбекстан Нотариал палатасы менен биргеликте  “Нотариуслерден ҳуқықый билимлер”  атамасында бийпул ҳуқықый акция шөлкемлестирилди.

Акцияны өткериўден мақсет – пуқаралардың ҳуқықый  билимин, мәдениятын арттырыў, халық пенен өз-ара байланыс механизмлерин жаратыў, ҳуқықты қолланыў тараўында әмелдеги машқала ҳәм кемшиликлерди анықлаў ҳәм оларды сапластырыўға қаратылған пикир-усынысларды таярлаўдан ибарат.

Акция даўамында нотариуслер тәрепинен пуқараларға нотариал ҳүжжетлерин рәсмийлестириў бойынша бийпул ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.

Атап айтқанда, нотариуслер  тәрепинен әмелге асырылатуғын нотариал ҳәрекетлер, Нотариал мәкемелеринде нотариал ис жүргизиў қағыйдалары ҳәм  “E-notarius.uz” мәлимлеме порталы ҳаққында кең түрде түсиниклер берилди.

Акция  шеңберинде пуқараларға шаңарақ ҳуқықы, мүлк ҳәм мүлклик емес  ҳуқық ҳәм миннетлемелер ҳаққында, сондай-ақ, мийрас, неке, саўға, ижара, мүлк алды-сатты шәртнамалары, мийрас ўәсиятнамалары ҳәм басқа да түрли машқалалы мәселелер бойынша түсиниклер берилип, бийпул юридикалық жәрдемлер көрсетилди.

– Мен туўысқанларым менен биргеликте бизлерге мийрас болып қалған турақ жайды сатыў бойынша алды-сатты шәртнаманы рәсмийлестириўге келген едим. Бизиң келиўимиз бийпул акцияға туўра келди. Бул жерде имканияты шекленген инсанларға да қолайлы шараятлар жаратылған екен. Сурдоперевод пенен шуғылланатуғын аўдармашы сөйлесиўлерге жәрдем берип хызмет көрсетти. Жумысымыз тез питти, тийисли мәсләҳәтлер алдық,-дейди пуқаралардың бири А.Сатбаева.

Илаж даўамында пуқаралар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Усы бағдардағы илажлар орынларда даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги