Санлы технологиялар министри Шерзад Шерматов Венгрияның «4iG» компаниясы баслығы Жасзаи Геллерт пенен онлайн ушырасыў өткерди.
Компания баслығы ушырасыў ушын миннетдаршылық билдирип, Өзбекстанның Парижде болып өткен Олимпиада ойынларында ерискен әжайып нәтийжелери менен қутлықлады.
Өз гезегинде, министр мәмлекетимиз басшысы тәрепинен Олимпиада ойынларында күшли 15 ликке кириў мақсети қойылғанын ҳәм бул жеңислер соның нәтийжеси екенин қосымша етти.
Буннан соң компания ўәкиллери тәрепинен презентация өткерилип, алып барып атырған жумыслары, келешектеги режелери ҳаққында мағлыўматлар берилди. Өз-ара бирге ислесиў ушын потенциаллы имканиятлар жетерли дәрежеде екени атап өтилди.
Өзбекстан телекоммуникациясы тараўына инвестиция ҳәм бирге ислесиў мәселелери ҳәм оның IT ҳәм санластырыў имканиятлары додаланды.
Соның менен бирге, IT Парк резиденти болыў, салық жеңилликлеринен пайдаланыў ҳәм компания филиалын елимизде шөлкемлестириў бойынша усыныслар берилди.
ӨзА