Көксарай резиденциясында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровтың тар шеңбердеги ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыўда еки мәмлекеттиң бирге ислесиўиниң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы жоқары дәрежели мийманды қызғын қутлықлап, кейинги жыллары биргеликтеги ис-ҳәрекетлери бойынша узақ мүддетли перспективаға мөлшерленген көп тәреплемели бирге ислесиўди түп-тийкарынан кеңетиў ушын жақсы тийкар жаратылғанын айрықша атап өтти.
Бул сапар етиў шеңберинде кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын және де тереңлестириў ҳәм кеңейтиў ҳаққындағы Биргеликтеги протоколға қол қойылыўы еки тәреплеме қатнасықларды және де жоқары дәрежеге көтериўге өз-ара умтылыстан дәрек беретуғынлығы атап өтилди.
Парламентлер, ҳүкиметлер, сыртқы сиясат ҳәм тармақ уйымлары дәрежесиндеги сөйлесиўлердиң нәтийжелилигин арттырыў, халықаралық ҳәм регионаллық майданлар, соның ишинде, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Жәҳән саўда шөлкеми, регион мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўлары, “Орайлық Азия плюс” форматлары шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттириў кереклиги атап өтилди.
Бирге ислесиўдиң жаңа экономикалық күн тәртибин қәлиплестириў әҳмийетли екени атап өтилди.
Товар алмасыў көлемин жақын жылларда 2 миллиард долларға жеткериў бойынша комплексли илажлар ислеп шығыў әҳмийетли екени көрсетип өтилди. Күни кеше болып өткен бизнес форумы табыслы болды, жуўмағында жаңа келисимлер топламы қабыл етилди.
Бул реттеги сапар етиў шеңберинде қайта тиклениўши энергия дәреклери, автомобиль қурылысы ҳәм тоқымашылық тараўларында кооперция жойбарлары иске қосылады.
Стратегиялық әҳмийетке ийе регионаллық жойбарларды, соның ишинде, “Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” темир жолы ҳәм Қамбарата ГЭС-1 қурылысын тез ўақыт ишинде әмелге асырыў мәселелерине тийкарғы итибар қаратылды.
Транспорт ҳәм энергетика инфраструктурасын раўажландырыў бойынша жаңа жойбар усыныслары көрип шығылды.
Президентлер аймақлараралық бирге ислесиўди, соның ишинде, Шегараалды ўәлаятлар ҳәкимлери кеңеси шеңберинде және де кеңейтиў әҳмийетли екенин атап өтти.
Сондай-ақ, аўыл ҳәм суў хожалығы, экология, қәўипсизлик ҳәм басқа тараўларда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.
Мәдений-гуманитарлық алмасыў жақсыланғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Усы ҳәптеде мәмлекетимизде Қырғызстан мәденияты күнлери өткерилмекте. Күни кеше Самарқандта екинши Ректорлар форумы табыслы өткерилди. Тәреплер келеси жылларға мөлшерленген мәдений илажлар дизимин таярлаўға келисип алды.
Мәмлекет басшылары регионаллық күн тәртибиндеги тәреплерди қызықтырған мәселелер бойынша да пикир алысты.
ӨзА