Кәсиплесимиз Қарақалпақстан хабар агентлигиниң жетекши шолыўшысы Адилбай Оразовтың «Қарақалпақстан баспасөзиниң пидайылары» атамасындағы жаңа китабы баспадан шықты.

Китапта газеталарда пидайылық пенен хызмет еткен журналистлер менен фотохабаршылардың ислеген дөретиўшилик мийнети айрықша орын тутады. Олардың басып өткен өмир жолы менен атқарған хызметлерин бүгинги жаслар да жақсы билиўи, хабардар болыўы ушын бул китапта берилген мағлыўматлар әҳмийетли дәрек сыпатында хызмет ете алады.

Адилбай Оразов республикамыздың баспасөз тараўында пидайылық пенен хызмет еткен көплеген журналистлердиң автобиографиясын таўып, оны топлам сыпатында таярлаған.

Бул китаптан республикамыз баспасөзиниң көш баслаўшылары болған «Еркин Қарақалпақстан» ҳәм «Вести Каракалпакстана» газеталарында жумыс ислеген 100 ден аслам баспасөз пидайысының өмири ҳәм дөретиўшилиги менен таныса аламыз.

Китап автордың үшинши китабы болып, алдын оның «Ўатан ушын от кешкен қаҳарманлар» ҳәм «Уйқыдағы қыз» китаплары баспадан шыққан.

Мағлыўмат ушын, Ә.Оразов 1979-жылы Шымбай районындағы Қызылөзек аўылында туўылған. 2004-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң журналистика бөлимин тамамлаған. Қарақалпақстан радиоканалында редактор, «Еркин Қарақалпақстан» газетасында арнаўлы хабаршы, бөлим редакторы, «Қарақалпақстан жаслары» газетасында бас редактор, Бозатаў районы ҳәкимлигинде мәлимлеме хызметиниң баслығы лаўазымларында жумыс ислеген.

А.Оразовтың жаңа китабы оқыўшылар, әсиресе, жас журналистлерге усы кәсиптиң пидайылары ҳаққында кең мағлыўмат алыўға, олардың үлги аларлық өмири ҳәм дөретиўшилиги илҳам дәреги сыпатында хызмет етеди, деп ойлаймыз.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги