Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 3-июнь күни аймақларда туризм инфраструктурасын жақсылаў ҳәм сырт елли туристлер ағымын көбейтиў илажларын додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Дүньяда экономикалық жағдай қыйынласқан ҳәзирги шараятта көбирек жумыс орны жарататуғын, инвестиция ҳәм экспортты көбейтетуғын тараўларды қоллап-қуўатлаў керек. Туризмде бундай потенциал үлкен. Бул тараўға қаратылатуғын ҳәр бир доллар кейинги ўақытта 3-4 есе дәрамат келтиреди. Ҳәр бир жаңа жумыс орны басқа тармақларда және 2 жумыс орнын пайда етеди.

Мәмлекетимизде тарийхый, мәдений ҳәм пайызлы орынлар көп. Олардың негизинде туризм орынлары, мийманханалар қурылды. Тәртип-қағыйдалар әпиўайыластырылып, туристлик бизнеске қолайлық жаратылды. Туристлердиң қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде туризм полициясы шөлкемлестирилди.

Өткен жылы октябрьде Самарқандта болған Пүткил жер жүзилик туризм шөлкеми форумы шеңберинде 2 миллиард 300 миллион долларлық инвестициялық келисимлерге ерисилген еди. Олардың арасында туризм инфраструкурасын раўажландырыў, жаңа орынлар қурыўға қаратылған жойбарлар көп.

Атап айтқанда, сырт елли инвесторлар тәрепинен Шаҳрисабз районы Ғелон ҳәм Сарчашма аўыллары арасында 3 мың гектарлық таў-шаңғы комплексин қурыў басланды. Мираки аўылы бойынша да мастер реже ислеп шығылмақта.

Бул районның тарийхы да, тәбияты да дыққатқа ылайық. Қалаберди, Шаҳрисабз қаласы Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң «2024-жылдағы туризм пайтахты», деп жәрияланған.

Сол себепли ол жерде туризмди раўажландырыў бойынша бир қатар илажлар белгиленди. Биринши гезекте Шаҳрисабз қаласы ҳәм Шаҳрисабз районында туризм кластери шөлкемлестириледи. 33 километрлик Ҳисорак – Ғелон ҳәм Ҳисорак – Сарчашма жолы кеңейтилип, оңланады. «Чироқчи-Шўрқудуқ» автомобиль жолы жақсыланып, Самарқандтан Шаҳрисабзға қатнаў ўақты қысқарады.

Ғелондан өтиўши Оқсу дәрьясында қуўатлылығы 24 мегаваттлы 3 гидро электр станция иске түсириледи. Нәтийжеде туризм кластеринде электрден машқала болмайды. Шаҳрисабз туризм техникумында Швейцария бағдарламасы тийкарында жылына 100 қәниге таярланады.

Бундай жумысларды Аҳангарон, Ургут, Нурота, Янгиқўрғон, Поп, Чортоқ, Бойсун, Сариосиё, Бахмал, Ферғана сыяқлы туризм потенциалы жоқары 20 районда да ислеў мүмкинлиги атап өтилди. Жуўапкерлерге сырт елли консультантларды тартқан ҳалда бул бойынша мастер реже ислеп шығыў тапсырылды.

Жақында «Байсун бәҳәри» халықаралық этно-фестивалы болып өтти. Бибиширин мәҳәллесинде 6 миллион долларлық 4 жулдызлы мийманхана, амфитеатр ҳәм қара үйлер қурылды. Кеўилашар шоулар өткерилди. Нәтийжеде Сурхандәрьяға туристлердиң келиўи 4 есеге көбейди.

Улыўма, жаслардың экстремал туризмге қызығыўшылығы жылдан-жылға көбеймекте. Бул бағдарды раўажландырыў бойынша бағдарлама қабыл етиў ўазыйпасы қойылды.

Жаз күнлеринде аквапарк ҳәм бассейнлерге талап арттыўы тәбийғый. Тараўға ажыратылған қәрежетлер шеңберинде мийманханаларда бассейнлер қурылмақта. Лекин, аймақларда туристлерди өзине тартатуғын заманагөй аквапарклар жоқ.

Тәбийғый көллер әтирапындағы туризм имканиятлары да иске қосылмай атыр. Мәселен, Миришкор районындағы Сечанкўл ҳәм Ачинкўл бойында бирде бир дем алыў орны жоқ. Айдар-Арнасай көллер системасы аңшылық ҳәм экотуризм ушын жүдә қолайлы.

Усылардан келип шығып, аквапарклер қурыў ҳәм көллер бойында жойбарлар ислеў ушын жерлер аукционға шығарылыўы белгиленди.

Пандемиядан кейин медицина ҳәм саламатландырыў туризмине талап күшейген. Мәмлекетимиздеги санатория ҳәм медициналық орынларда өткен жылы 60 мыңнан аслам турист емленген. Кейинги бес жылда жеке меншик клиникалар көбейгени менен тек екеўи халықаралық аккредитацияға ийе. Әлбетте, булар жүдә аз.

Себеби бизде медицина ҳәм саламатландырыў туризмин биргеликте раўажландырыў бойынша анық көзқарас жоқ. Тийкарынан, медициналық туризмниң өзинен жылына 300 миллион доллар экспорт етиў мүмкин.

Сол себепли Қубла Корея, Түркия ҳәм Ҳиндстан тәжирийбеси тийкарында «Медициналық хызметлер миймандослығы» бағдарламасы басланатуғыны жәрияланды.

Енди жеке меншик клиникалардың халықаралық аккредитациядан өтиў, сырт ел көргизбесинде қатнасыў қәрежети бюджеттен қапланады. Клиникаларға келген сырт еллилер ушын қосымша қун салығы қайтарып бериледи. Сырт елге барып, үгит-нәсият – диагностика хызметин көрсеткен шыпакерлердиң транспорт ҳәм жасаў қәрежетлери төлеп бериледи.

Усы мақсетте емлеўхана ҳәм санаторияларды халықаралық сертификатлаў, тәжирийбели менеджерлерди тартыў бойынша көрсетпелер берилди.

Дәстүрий фестивальлардың турақлы анық сәнелерин белгилеў, шегарадан өтиўди және де әпиўайыластырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Туризмниң раўажланыўына кесент етип атьрған және бир машқала транспорт пенен байланыслы. Сырт еллерде туроператорлар билетлерди кеминде алты ай алдын сатып алады, соның ушын «туристлик топламы» арзан.  Бизде болса самолёт ҳәм поездға билет алыў қыйын, бир-еки ай қалғанда табылмайды да.

Сол себепли Транспорт министрлигине халықаралық рейслерди көбейтиў, барлық қатнаўлар ҳаққында мағлыўмат ҳәм билет алыў имканиятын беретуғын бирден-бир онлайн платформаны иске түсириў ўазыйпасы қойылды.

Президент мәмлекетимиз туризм потенциалын толық көрсетиўши глобал үгит-нәсиятлаў компаниясын жолға қойыў зәрүрлигин атап өтип, бир қатар басламаларды билдирди.

«Миллий туризм бренди»не контент жаратыў ушын таңлаў өткериледи. Быйыл Ташкентте, келеси жылы Хийўада халықаралық гастрономиялық фестивальлар шөлкемлестирилип, 300 ден аслам миллий тағамларымыз қойылады. «Электрон-виза» системасы және де жеделлестирилип, мобиль қосымшасы да иске түсириледи.

Онда телевидение менен бирге, социаллық тармақлардан да кең пайдаланылады. Аудиториясы үлкен сырт елли блогерлер ушын инфо-турлар шөлкемлестириледи.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы тараўдағы исбилерменлер менен ашық сәўбетлести. Олардың машқалалары ҳәм усынысларынан келип шығып, туризм хызметлерин экспорт алдынан қаржыландырыўды жолға қойыў, туроператорларға қосымша қун салығын субсидия сыпатында қайтарыў мүддетин созыў, туризм географиясын кеңейтиў, миллий мийманхана брендлерин жаратыў, орта буўын қәнигелерди таярлаў ҳәм сырт елде тәжирийбесин арттырыў сыяқлы көплеген усыныслар бойынша тийисли көрсетпелер берилди.

Президентимиз туризмди раўажландырыў бойынша жәмийетшилик кеңесин дүзиўди усыныс етти. Тараў ўәкиллери ҳәм исбилерменлер буны қанаатланыўшылық пенен қоллап-қуўатлады.

Жуўапкерлер усы жылы 11 миллион сырт елли туристти тартыў ҳәм туризм экспортын 2,5 миллиард долларға жеткериў имканияты бар екенлигин айтып, режелери бойынша мәлимлеме берди.

 

ӨзА