“Қыйтақ жер дәрамат дәреги” деген пикир бүгин азғана жердиң өзинен мол дәрамат алып атырған пуқаралардың мысалында өз тастыйығын таўып атырғанлығы сыр емес. Алақандай жердиң өзинен нәтийжели, жер илимин пуқта билген ҳалда пайдаланған адамның шаңарағына қут-берекет киреди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районындағы Бахытлы аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Бийбайым Бекмирзаеваныӊ шаңарағында болды.
84 жасқа келген болса да, еле жумыстан шаршамайтуғын мийнеткеш апаға ҳармасын айтып, қаўын егисинде жәрдемлести. Соның менен бирге, усы жасқа келсе де, адам мийнеттен қашпаўы кереклиги, жер менен тиллескен инсанға жер өз зийнетин беретуғынлығын әмелде көрсетип, бәршеге үлги болып атырғанлығы ушын миннетдаршылық билдирилди.
Буннан соң, Жоқарғы Кеңес Баслығы Кеңес аўыл пуқаралар жыйынындағы Азамат Нурымбетов пенен де ушырасып, суў тамтарыс болсада үй қапталы қыйтақ жерин көпшиликке үлги боларлық жағдайда келтиргенин барып көрди.
Азамат бүгин суў аз деп қарап отырмастан, артезиан қудықтан суў шығарып, қыйтақ жерин гүллендирип қойған пуқаралардың бири. Бағында алма, алмурттан баслап, ҳәттеки, Қарақалпақстанның арқа районлары шараятында өсиўи қыйын болған анар, ғоза сыяқлы терек нәллерин де жергиликли ҳаўа-райына бейимлестирип атыр. Биогумус алыў, палыз өнимлерин егиў де шетте қалып атырған жоқ.
Әлбетте, қыйтақ жерден мол өним алыў ушын аз ғана жерге, итибар, қунт пенен қараўдың өзи жеткиликли есапланады. Өз гезегинде, бул арқалы ҳәр бир шаңараққа қосымша дәрамат кирип барады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги