Президент Шавкат Мирзиёев 21-май күни Денсаўлықты сақлаў тараўындағы жойбарлары орайы тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм жаӊа усыныслардыӊ презентациясы менен танысты.

Билимлендириў ҳәм медицина еӊ әҳмийетли ҳәм кеӊ көлемли социаллық тараў болып табылады. Соныӊ ушын реформаларды жеделлестириў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде бул тараўларда Жойбар офислери шөлкемлестирилди.

Атап айтқанда, мәмлекетимиз басшысыныӊ усы жылы 22-январьдағы қарарына муўапық дүзилген Денсаўлықты сақлаў жойбарлары орайы тәрепинен басланғыш буўын ҳәм тез медициналық жәрдем системасын жетилистириў, мәмлекетлик медициналық қамсызландырыўды енгизиў, дәри-дәрмақлар сатып алыўын тәртипке салыў бойынша бир қатар усыныслар ислеп шығылған.

Презентацияда усы бағдарлар толық талланды.

Мәмлекетимизде турмыс сапасына тиккелей байланыслы бул тараўға үлкен итибар қаратылмақта. Соӊғы 7 жылда денсаўлықты сақлаў системасына ажыратылып атырған қаржылардыӊ баҳасы 5,9 триллион сумнан 33,5 триллион сумға, яғный 6 есеге көбейтилди. Емлеўханалар заманагөй үскенеленип, жаӊалары қурылды. Медицинаны халыққа жақынластырыў мақсетинде орынларда скрининг тексериўлери өткерилмекте.

Таллаўларға бола, тараўда халық мүрәжатлериниӊ 30 проценти ғана басланғыш буўында шешилип атыр. Айырым кеселликлер бойынша емлеў усыллары ескирген. Мийирбекелердиӊ жумыс шеӊбери кеӊ емес.

Бүгинги күнде гипертония, жүрек ишемик ҳәм созылмалы өкпе кеселликлери, бронхиал астма, қантлы диабет, гепатит сыяқлы еӊ көп ушырасатуғын 7 кеселлик топары бойынша емлеў стандартлары халықаралық талаплар тийкарында жаӊаланды. Жыл ақырына шекем және 300 клиникалық протоколлар қайта көрип шығылады. Наўқасларға әдеттеги тексериўлерди белгилеў, дәрисиз емлеў сыяқлы ўазыйпалар шыпакерден мийрибекеге өткериледи. Поликлиникаларда наўқас ҳәрекети тәртипке салынып, шыпакерлерге гезек күтиў ўақты қысқартылады.

Бизге белгили, үш жыл алдын тәжирийбе ретинде Сырдәрья ўәлаятында медициналық қамсызландырыў механизмлери жолға қойылған еди. Бул тараўдағы көплеген кемшиликлерди көрсетип берди.

Медицина мәкемелери жетерли дәрежеде санластырылмағанлығы себепли қамсызландырыў системасы толық ислемей атыр. Шыпакерлердиӊ көп ўақты есабат толтырыўға кетип атыр.

Соныӊ ушын, Ташкент қаласында тараўды санластырыў бойынша үлги система жаратыў ўазыйпасы қойылды. Буныӊ ушын барлық мәкемелер жаӊа компьютер ҳәм техника қураллары менен үскенеленеди. Жыл ақырына шекем “Электрон поликлиника” ҳәм “Электрон емлеўхана” системалары иске қосылады.

Усыған тийкарланып, 2024-жылы пайтахтымызда мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлери енгизиледи. Итибарлы тәрепи, бул халық тәрепинен төленип атырған улыўмалық салықлар есабынан болады ҳәм адамлардан қосымша төлемлер өндирилмейди.

Медициналық қамсызландырыў шеӊберинде:

– мәмлекет тәрепинен халыққа бийпул көрсетилетуғын медициналық хызметлер ҳәм дәри қуралларыныӊ кепилленген пакети енгизиледи;

– наўқасларды өзлери бириктирилген шаӊарақлық шыпакерлер арқалы тар тараў қәнигелерине яки емлеўханаларға жоллаў системасы шөлкемлестириледи. Онда усы тәртипке әмел етилген ҳалда ғана бийпул медициналық хызметлер көрсетиледи;

– халыққа кепилленген пакет шеӊберинде еӊ көп ушырасатуғын кеселликлер бойынша дәри қураллары электрон рецепт тийкарында дәриханалар арқалы бийпул бериледи.

Тез медициналық жәрдем системасы талланып, тийкарғы машқала мүрәжатлерди кеселликтиӊ аўыр екенине қарап сайлап алмаў менен байланыслы екени көрсетип өтилди.

Соныӊ ушын тез жәрдем “колл-орай”ларда наўқасларға шыпакер мәсләҳәти де жолға қойылыўы белгиленди. Быйыл Ташкент қаласында, келеси жылы басқа аймақларда парамедикалық ҳәм педиатриялық бригадалар шөлкемлестирилетуғыны айтылды. Система хызметкерлери медициналық мәсләҳәт шыпакери, шақырыўшы таӊлап алыў операторы, фельдшер-парамедикалық бағдарда қайта таярланады.

Презентацияда дәрилерге ҳақыйқый мүтәжликти қәлиплестириў, оларды сатып алыў ҳәм орынларда өз ўақтында жеткерип бериў мәселесине да айрықша итибар қаратылды. Тиккелей шәртнама тийкарында сатып алынатуғын дәри қураллары ҳәм медициналық буйымлар дизимин ҳәм сатып алыў процесин жетилистириў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәмлекетимиз басшысы жәмийетте саламат турмыс тәризин кеӊнен жайдырыў арқалы кеселликлердиӊ алдын алыў, адамларда өз саламатлығына жуўапкершилик сезимин күшейтиў бәрқулла әҳмийетли екенин атап өтти.

ӨзА