Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола рәсмий сапар менен елимизде болып турған Малайзияның Бас министри Анвар Иброҳим 19-май күни Бухараға келди.
Жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары А.Раматов, Бухара ўәлаятының ҳәкими Б.Зарипов ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.
Дәслеп Бас министр Анвар Иброҳим Баҳауаддин Нақшбанд зыярат етиў орнында болды. Бул жерде жоқары мәртебели мийманға Баҳауаддин Нақшбандтың өмири, ислам дининиң раўажланыўына қосқан үлкен үлеси ҳаққында айтып берди.
Атап өтилгениндей, кейинги жылларда бул жер ўатанласларымыз ҳәм сырт елли туристлер көп келетуғын зыярат етиў орнына айланды.
Бас министр Өзбекстан уллы уламалар ели екенин, халқымыз тарийхы ҳәм руўхыйлығына ҳүрмети бәлент екенин атап өтти.
Комплексте Қуран аятлары оқылып, пәтиялар етилди.
Арк қорғаны ески Бухараның ең көп туристлер келетуғын тарийхый-архитектуралық естелик орынларынан бири болып есапланады. Бул жерде мәртебели мийманға комплекс ҳаққында толық мағлыўмат берилди. Сейил даўамында қорғандағы Тахтхана мийманларда үлкен қызығыўшылық оятты.
Арк қорғанының бийиклиги 16-20 метрди қурап, батыстан шығысқа қарай жайылған көпмүйешти еслетеди. Қорған аймағында алып барылған археологиялық изертлеўлерге қарағанда, қорған дийўаллары IV дәўирде қурылған. Биринши дәўир – антик, екинши дәўир (б.э.ш. IV-V-VIII әсирлер шегарасы) үшинши дәўир (IX әсир баслары – XIII әсир), төртинши дәўир (XV-XX әсирлер)ге туўра келеди.
1920-жылдағы Бухара басқыны нәтийжесинде көп ғана естеликлер қатарында Арк қорғаны да бүлинген. Бүгинги күнде қорғанның сақланып қалған 1,1 гектар майданында Бухара мәмлекетлик музейи қорықханасы жумыс алып бармақта.
Бизге белгили, Президентимиз 2017-жылы Бухараға еткен сапары процесинде Мир Араб медресесиниң тарийхый статусын тиклеў мақсетинде көрсетпелер берген еди.
Буннан кейин Арк жақынында жаңа имарат қурылды. Жоқары медресе 200 орынға мөлшерленген болып, Қураны кәрим, ҳәдис, фикҳ ҳәм суфизм илимлери, шет тиллер пуқта үйретиледи. Бул жерде оқыў ханалары, китапхана, белсендилер залы, студентлер жатақханасы, хызмет үйи, спорт залы ҳәм басқа да қолайлықлар бар.
Малайзия Бас министри Анвар Иброҳим Президентимиздиң басламасы менен жаңадан қурылған Мир Араб Жоқары медресесинде болып, илимпаз-зыялылар ушын жаратылған шараятлар менен танысты.
Пойи-Калон Бухараның ең көзге тасланған тарийхый зыярат етиў орынларынан есапланып, тек ғана Өзбекстан емес, ал пүткил Орайлық Азияның ең дыққатқа ылайық орынларынан бири болып табылады.
Пойи-Калон архитектуралық ансамбли Мир Араб медресеси, Минораи Калон ҳәм усы атамадағы мешиттен ибарат болып, комплекстиң қурамына кирген имаратлар XII–XVI әсирлерде қурылған.
Тарийхый дәреклерге бола, Пойи-Калон «Уллының аяғында» деген мәнисти аңлатады. Пойи-Калон Минораи Калон етегинде жайласқаны себепли оған сондай атама берилген. Минораи Калон болса 1127-жылы Арсланхан тәрепинен қурылған ҳәм бүгинги күнге шекем сақланып қалған.
Мәртебели мийман Мир Араб медресесинде де болды. Бул жерде мийманға медресениң тарийхы ҳаққында қысқаша мағлыўмат берилди.
Тарийхый дәреклердиң гүўалық бериўинше, медресе Убайдуллахан қәўендерлигинде 1530-1536-жылларда Яманда туўылған шейх Абдуллах тәрепинен қурылған.
Имарат еки үлкен залдан, бириншиси мешит ҳәм баянат залы, екиншиси мақбарадан ибарат.
Мир Араб медресеси көлеми бойынша Бухарадағы Кўкалдаш медресесинен кейин екинши орында турады. Бухара әзелден өнерментшилик өнимлери менен данқы шыққан қалалардан бири есапланады. Бул жер тек ғана тарийхый естеликлер емес, қолда тоқылған гилемлери менен де белгили. Малайзияның Бас министри Анвар Иброҳим Бухара гилемшилик орайында болды. Мәртебели мийман бул жерде ийрилген жиптен тоқылып атырған ҳәр қыйлы көлемдеги гилемлердиң тоқылыў процесин бақлады ҳәм гилемшилердиң қол мийнети менен жаратылып атырған мийнетиниң жемисине таң қалғанын жасырмады. – Таң қалмастан илаж жоқ. Гөззал гилемлердиң тоқылыў процесин бақлаў инсанға заўық бағышлайды. Таң қалдым – дейди мырза Бас министр.
Ләби ҳәўиз комплексинде фольклор-этнографиялық ансамбльлериниң шығыўлары мийманларда үлкен тәсир қалдырды.
Усы жердиң өзинде мәртебели мийманға өзбекке тән тон кийдирилип, естелик саўғалары тапсырылды. Өз гезегинде Бас министр Анвар Иброҳим бүгинги миймандослық ушын миннетдаршылық билдирип, келешекте Өзбекстан, атап айтқанда, Самарқанд ҳәм Бухара қалалары менен өз-ара бирге ислесиўди беккемлеген ҳалда туризмди және де раўажландырыў нийети бар екенин билдирди.
Усы күнниң өзинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола елимизге рәсмий сапарын әмелге асырған Малайзияның Бас министри Анвар Иброҳим өз елине жөнеп кетти.
Жоқары мәртебели мийманды Бухара халықаралық аэропортында Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары А.Раматов, ўәлаят ҳәкими Б.Зарипов ҳәм басқа да рәсмийлер шығарып салды.
Абдували Бўриев, Носиржон Ҳайдаров ҳәм Тоҳир Истатов (сүўрет), ӨзА