Усы жыл 15-20-май күнлери Нөкис қаласында биринши мәрте ересеклер ҳәм жаслар арасында спорттың Мас-Рестлинг түри бойынша Азия чемпионаты беллесиўлери болып өтеди.
Бул спорт түри бойынша Азия чемпионаты беллесиўлери Қарақалпақстан Республикасында биринши мәрте өткерилмекте.
Беллесиўде жәми 14 мәмлекеттен 250 ден аслам спортшылар қатнасыўы күтилмекте.
Мағлыўмат орнында, бул спорт түри Қарақалпақстан Республикасында биринши мәрте өткерилип атырған спорт түрлеринен болып, Якутия мәмлекетинде пайда болған. Мас-рестлинг спорт түринде спортшылар бир-бирине қарама-қарсы отырып, аяқларын таяныш тахтасына қойып, төрешиниң буйрығы менен қарсыласын өз тәрепине тартады ямаса қарсыласының қолынан таяқты тартып алыўға ҳәрекет етеди. Ол арқан тартыў ойынынан келип шыққан Якутиянинг миллий спорт түри.
Якут тилинен аўдарғанда «мас» – «терек, таяқ» гүрес – инглис тилинен – “гүрес” деген мәнини аңлатады.
2000-жылы Мас-рестлинг халықаралық олимпиада комитети қәўендерлигиндеги “Азия балалары” халықаралық спорт ойынлары бағдарламасына киргизилген.
Рабийға Сәрсенбаева,
ҚМУ дың Қарақалпақ филологиясы журналистика факультети, мәлимлеме хызмети бағдары 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги