Бүгин Қатарда даўам етип атырған футбол бойынша 23 жасқа шекемги сайланды командалар арасында ярым финал ойынлары өткериледи.

Онда Өзбекстан сайланды командасы Ташкент ўақты менен саат 19:00 де өз тарийхында биринши мәрте Азия кубогине қатнасып атырған Индонезияға қарсы ойынға түседи.

Ойыннан алдын кеше өткерилген баспасөз әнжуманында Өзбекстан олимпия сайланды командасы бас тренери Тимур Кападзе «Ертеңги ушырасыў да аңсат болмайды. Бирақ, биз оған таярмыз ҳәм жеңиске ерисиўди қәлеймиз,» деп атап өтти.

Ал, Азия кубогиниң екинши ярым финалында болса, Ирак сайланды командасы япониялы футболшылар менен ушырасады. Ойын Ташкент ўақты менен саат 22:30 да басланады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги