Фото: “Тез жәрдем” машиналары 

Президентимиз тәрепинен быйылғы жылдың «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» деп жәрияланыўы барлық тараўларда жумыслардың жедел раўажланыўына тийкар жаратпақта. Соның ишинде, медицина мәкемелериниң тез медициналық жәрдем машинасы менен тәмийинлениўи бағдарындағы илажларды айрықша атап өтсек болады.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 16-марттағы «Қыстаўлы медициналық жәрдем хызметиниң жумысын шөлкемлестириўди және де жетилистириў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2838-санлы қарарында тез медициналық жәрдем көрсетиў бөлимлериниң қәнигели медициналық хызмет көрсетиўге болған ҳуқықларын тәмийинлеўге бағдарланған нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириў, тез медициналық жәрдемниң тезлигин, сапасын ҳәм оннан пайдаланыў дәрежесин арттырыў, усы хызметтиң материаллық-техникалық базасын жақсылаў ўазыйпалары белгиленген еди

Оның орынланыўы бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылып, жақында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине улыўма баҳасы 2 миллиард 580 миллион 310 мың сумлық 62  тез жәрдем автомашиналары берилди. Пайтахтымыздағы Жаслар орайында усы автомашиналарды тапсырыў мәресим болды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңесиниң басшылары, тийисли министрликлер менен ведомстволардың ўәкиллери, қалалық ҳәм районлық медицина бирлеспелериниң басшылары, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

– Министрлик тәрепинен қарар талапларын орынлаў мақсетинде, тез медициналық жәрдем бригадаларын жаңа формуляр тийкарында 41 атамадағы дәри-дәрмақ пенен тәмийинлеў бойынша районлық медицина бирлеспелериниң зәрүрликлери анықланып, усы жыл ушын жәми 537 миллион сумлық дәри сатып алыныўы бойынша жумыслар алып барылған еди. Сондай-ақ, барлық тез медициналық жәрдем көшпели бригадаларындағы автомашиналарға GPS навигаторлары орнатылып, тез медициналық жәрдем бригадалары тәрепинен шақырыўларды өз ўақтында қабыл етиў, орай менен үзликсиз байланыста болыў ушын оларды байланыс қураллары менен тәмийинлеў жумыслары алып барылмақта.

Бүгинги берилип атырған автомашиналардың көпшилиги алыс аўыллардағы тез медициналық жәрдемлерде пайдаланылады. Буның барлығы халыққа тез ҳәм сапалы медициналық жәрдем көрсетиўди жақсылаў мақсетинде алып барылмақта,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары А.Сержанов.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев қатнасты.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.