Усы жыл 10-февраль күни Нөкис қалалық медицина бирлеспесине қараслы 8-санлы шаңарақлық поликлиникасының ашылыў мәресими болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа шаңарақлық поликлиниканың ашылыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде медицина тараўына да айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда Президентимиздиң тиккелей басшылығында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Усы тийкарда халқымыздың денсаўлығын жақсылаў, оларға сапалы медициналық хызмет көрсетиў, медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм басланғыш медициналық хызмет көрсетиў мәкемелериниң жумысын түп-тийкарынан жетилистириў жаңа басқышқа көтерилмекте.





Нөкис қалалық медицина бирлеспесине қараслы 8-санлы шаңарақлық поликлиниканың 350 қатнаўға ийе имаратын жаңадан қурыў ушын 9 миллиард сум қаржы ажыратылып, қурылыс жумыслары сапалы етип питкерилди. Әлбетте, бул жаңа емлеў мәкемесиниң  пайдаланыўға тапсырылыўы халқымызға басланғыш медициналық хызметти еледе жақынластырыў,  пуқараларымыздың саламатлығын жақсылаўда әҳмийетли орын ийелеп, узақ жыллар даўамында халқымыздың ийгилиги жолында хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги