Президент басшылығында аграр тараўдағы әҳмийетли ўазыйпалар ҳәм режелерге бағышлап өткерилип атырған мәжилисте усы ҳаққында мәлим етилди.
Кластер, фермер ҳәм дийқанлар жеӊилликли кредит алыўын аӊсатластырыў мақсетинде ашық-айдын платформа иске түсти.
Бирақ, 2024-жылдыӊ пахтасын сатыў бойынша фьючерс шәртшамасы дүзген фермерлердиӊ белгили бөлеги кредитлерди елеге шекем алмаған.
Себеби, айырым банклер “ресурс жоқ, гиреў тәмийнаты керек”, деген бәнелер менен таяр қаржыны бермей атыр.
ӨзА