Президент басшылығында аграр тараўдағы әҳмийетли ўазыйпалар ҳәм режелерге арналған мәжилис болып өтпекте.
Өткен жылы ғәлле өними биринши мәрте 8 миллион тоннаға жетти.
Фермерлердиң мәпдарлығын және де арттырыў ушын усы жылы ғәллешиликте де жаңалықлар болатуғыны атап өтилди.
Усы жылы пахтадағы сыяқлы ғәлледе де жеңилликли кредитти тикеллей фермерге бериў системасы енгизиледи.
Буннан тысқары, мәмлекетлик ресурс ушын сатып алынған бийдайды атыздан тасып келиў ҳәм сақлаў қәрежети 2024-жылы да толық бюджеттен қапланады.
ӨзА