«Көксарай» резиденциясында Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенконы рәсмий күтип алыўға бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти.

Өзбекстан ҳәм Беларусь байрақлары менен безелген майданда жоқары мәртебели мийманның атына ҳүрметли қараўыл сап тартты.




Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Беларусь жетекшисин қызғын күтип алды ҳәм минберге мирәт етти. Еки мәмлекет гимнлери жаңлады.

Мәмлекет басшылары ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялардың ағзаларын қутлықлады.





Биргеликте сүўретке түскеннен кейин, жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер басланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги