Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 8-июньдағы «Жер қатнасықларында теңлик ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў, жерге болған ҳуқықларды исенимли қорғаў және оларды базар активине айландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6243-санлы Пәрманы менен басланған жер қатнасықлары тараўындағы реформаларды избе-из даўам еттириў мақсетинде:
- 2024-жыл 1-марттан баслап аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын ижараға бериўде ашық электрон таңлаў орнына электрон онлайн аукцион саўдалары енгизилсин.
- а) аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкалары электрон онлайн аукцион саўдалары арқалы отыз жылға ижараға берилетуғыны, онда басланғыш баҳа жер участкасының нормативлик баҳасы муғдарында белгиленетуғыны;
б) жер участкаларын электрон онлайн аукцион саўдаларына шығарыў бойынша материалларды таярлаў, нызамшылыққа тийисли өзгерислер киргизилгенге шекем, ашық электрон таңлаў ушын белгиленген тәртипте, электрон онлайн аукцион саўдаларын өткериў болса, аукцион саўдаларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртибине муўапық әмелге асырылатуғыны;
в) аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын ижараға бериў бойынша электрон онлайн аукцион саўдаларының жеңимпазларына жер участкасының баҳасын үш жыл мүддетте ҳәр айда тең үлеслерде бөлип-бөлип төлеўге рухсат берилетуғыны;
г) дийқан хожалығы, жеке тәртипте бағшылық, палыз өнимлерин жетистириў ҳәм шарўашылықты жүргизиў ушын жер участкаларын ижараға бериў бойынша электрон онлайн аукцион саўдаларының жеңимпазлары болған «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»нде дизимде турған пуқараларға жер участкасының баҳасын бес жыл мүддетке тең үлеслерде процентсиз бөлип-бөлип төлеўге рухсат берилетуғыны;
д) электрон онлайн аукцион саўдалары арқалы ижара ҳуқықын сатыўдан түскен қаржылар ижара ҳуқықы мәмлекетлик дизимнен өткерилгеннен кейин оператор хызмет ҳақы шекленген ҳалда төмендеги тәртипте;
10 проценти – Аўыл хожалығы министрлиги системасындағы шөлкемлерге (2 процент – «Агросанаатты санластырыў орайы» ЖШЖға, 3 процент – «Ўздаверлойиҳа» мәмлекетлик илимий-жойбарлаў институтына, 5 процент – Аўыл хожалығын раўажландырыў ҳәм азық-аўқат тәмийнаты қорына);
базалық есаплаў муғдарының бир ярым есеси муғдарында – жер участкасына болған ҳуқықты мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын дизимнен өткеретуғын уйымның есап бетине;
қалған қаржылар – тийисли район (қала)лық жергиликли бюджетке бөлистирилетуғыны белгиленсин.
- Аўыл хожалығы министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлардың ҳәкимлери, Кадастр агентлиги ҳәм Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги менен биргеликте 2024-жыл 1-мартқа шекем:
1-қосымшаға муўапық 15 626,8 гектар аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкасының электрон онлайн аукцион саўдаларына шығарылыўын (елатлы пунктлерге жақын, суў тәмийнаты жақсы, өнимдарлығы жоқары болған, майданы, қағыйда тәризинде, 5 гектардан жоқары контурларды 1 гектарға шекем лотларға бөлген ҳалда);
ашық-айдын электрон таңлаўға шығарылған ҳәм жеңимпаз анықланбаған аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкалары 2024-жыл 1-марттан баслап автоматластырылған тәризде электрон онлайн аукцион саўдаларына шығарылыўын тәмийинлесин.
- 2024-жыл 1-марттан баслап аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларының ижараға берилген жер бойынша өз ҳуқықлары менен миннетлемелерин жер участкасынан пайдаланыў мақсетин өзгертпеген ҳалда басқа шахсқа өткериўге (қайта ижараға бериўге) рухсат берилсин. Онда:
ижараға алыўшы жер участкасынан кеминде үш жыл даўамында, усы бәнттиң үшинши абзацында нәзерде тутылған жағдайларда болса, кеминде бес жыл даўамында өзи пайдаланған болыўы шәрт, бул мүддет ижара ҳуқықы мәмлекетлик дизимнен өткерилген ўақыттан баслап есапланады;
юридикалық тәреплерге электрон онлайн аукцион саўдалары, ашық электрон таңлаў ямаса таңлаў өтпестен мәмлекетлик уйымлардың қарарлары менен тиккелей ижараға берилген жер участкаларын басқа шахсқа өткериўге (қайта ижараға бериўге) ижара ҳуқықы мәмлекетлик дизимнен өткерилген ўақыттан баслап бес жылдан кейин жол қойылады;
ижараға бериўши ашық электрон таңлаў нәтийжесине бола ижара мүддетине тең бөлистирилетуғын қосымша таңлаўларды ямаса электрон онлайн аукцион саўдаларының нәтийжелерине бола бөлип-бөлип төлеў нәзерде тутылған төлемлерди биротала төлеўи шәрт.
- Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Кеңеси ҳәм Олий Мажлис Сенаты Кенгашиниң 2023-жыл 13-декабрьдеги «Республикамызда жерлерден ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў жағдайын үйрениў, бул бағдарда жергиликли Кеңеслер тәрепинен қадағалаў нәтийжелилигин және де арттырыў ҳаққында»ғы 3787- IV/КҚ-642- IV санлы биргеликтеги қарары мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2024-жыл 31-декабрьге шекемги дәўирде халық депутатлары район (қала)лық Кеңеслерине ҳуқықты тастыйықлаўшы ҳүжжетлер толық болмаған, ҳүжжеттеги ҳәм әмелдеги майданы бир-биринен парықланатуғын, турақлы пайдаланыў ҳуқықы менен ажыратылған, сол себеплерге бола ҳуқық мәмлекетлик дизимнен өткерилмеген ҳалда әмелде пайдаланып киятырған аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларынан пайдаланыў нәтийжелилигин үйренип, өз сессияларында усы жер участкалары бойынша:
район (қала) ҳәкими ҳәм жерден пайдаланыўшы арасында жер ижарасы шәртнамасын дүзиў (ижара шәртнамасына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында;
жер участкасын резервке қайтарыў илажларын көриў ҳаққында қарарлар қабыл етиў ўәкиллиги берилсин.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери 2024-жыл 31-декабрьге шекем өз аймақларында жерге болған ҳуқық мәмлекетлик дизимнен өткерилмеген, бирақ әмелде пайдаланып киятырған аўыл хожалығына мөлшерленген барлық жер участкалары бойынша ижара ҳуқықын мәмлекетлик дизимнен өткериў ямаса жерди резервке қайтарыў илажларын көрсин.
- Аўыл хожалығына мөлшерленген суўғарылатуғын жерлер ушын аўыл хожалығы ҳәм тоғай хожалығы өндириси набыт болған орынды қаплаў бойынша төлемлер барлық жағдайларда барлық шахслардан толық өндирилетуғыны белгиленсин, онда жер участкалары жәмийетлик талаплар ушын алып қойылған жағдайлар буған кирмейди.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық гиреўге қойыўшының жер участкасына болған ҳуқықлар гиреўи менен тәмийинленген миннетлемеси орынланбаған жағдайда, жер участкасынан пайдаланыў мақсетин өзгертпеген ҳалда, ижара ҳуқықын жер ижарасы шәртнамасының қалған дәўирине электрон онлайн аукцион саўдалары арқалы реализациялаўға рухсат етиледи. Онда:
жер участкасына ижара ҳуқықын электрон онлайн аукцион саўдаларына шығарыўды ўәкилликли уйымлар менен келисиў (жуўмақ шығарыў) талап етилмейди;
суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққындағы нызамшылыққа муўапық, ижара ҳуқықын электрон онлайн аукцион саўдаларында реализациялаўдан түскен қаржылар нызамшылықты белгиленген тәртипте бөлистириледи.
- Агросанаат кластерлерине жер участкаларын Министрлер Кабинети тәрепинен тиккелей ижараға бериў тәртиби бийкар етилсин. Онда, агросанаат кластерлери жер участкаларын электрон онлайн аукцион саўдалары арқалы ямаса ири инвестиция жойбарын әмелге асырыў ушын ең жақсы усынысты таңлап алыў жолы менен ижараға алыўы мүмкин.
- Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги, Әдиллик министрлиги еки ай мүддетте ири инвестициялық жойбарды әмелге асырыў ушын ең жақсы усынысты таңлап алыў тәртибин әпиўайыластырыў бойынша Ҳүкимет қарары жойбарын, сондай-ақ, сырт ел инвестицияларының қатнасыўындағы кәрханаларға жер участкаларын ажыратыў тәртибин жетилистириў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
Онда, жер участкаларын сыр ел инвестицияларының қатнасыўындағы кәрханаларға ири инвестициялық жойбарды әмелге асырыў ушын ең жақсы усынысты таңлап алыў жолы менен жергиликли ҳәм сырт ел инвесторларына тиккелей ижараға бериўде усы жер участкасына ижара ҳуқықының баҳалаўшы шөлкем тәрепинен анықланатуғын базар баҳасына салыстырғанда коэффициентлерде белгиленетуғын муғдардағы қаржы ижараға алыўшы тәрепинен Мәмлекетлик бюджетке төлениўи нәзерде тутылсын.
- Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президенитиниң айырым ҳүжжетлерине 2-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасарлары Ж.А.Ходжаев ҳәм Ж.А.Қўчқоров, аўыл хожалығы министри И.Ю.Абдурахмонов белгиленсин.
Пәрманның орынланыўы ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2024-жыл 18-январь