Статистика агентлигиниң мағлыўматларына бола, 2023-жылдың январь-октябрь айларында Өзбекстанда жасаў ҳәм аўқатланыў тараўында 13,8 трлн сумлық хызметлер көрсетилген.
Бул көрсеткиш 2022-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 9,6 %ге көбейген.
Усы хызметлер бойынша ең жоқары өсиў пәтлери Самарқанд ўәлаятында анықланған болып, 129,7 %ти қураған.
Аймақлар кесиминде жасаў ҳәм аўқатланыў хызметлериниң өсиў пәтлери:
Қарақалпақстан Республикасында – 104 %;
Әндижан ўәлаятында – 107,8 %;
Бухара ўәлаятында – 106,1 %;
Жиззақ ўәлаятында – 106,4 %;
Қашқадәрья ўәлаятында – 109,1 %;
Наўайы ўәлаятында – 102,7 %;
Наманган ўәлаятында – 106,8 %;
Самарқанд ўәлаятында – 129,7 %;
Сурхандәрья ўәлаятында – 104,9 %;
Сырдәрья ўәлаятында – 113,2 %;
Ташкент ўәлаятында – 105,3 %;
Ферғана ўәлаятында – 108,4 %;
Хорезм ўәлаятында – 108,9 %;
Ташкент қаласында – 109,2 %.
Қарақалпақстан хабар агентлиги