Ҳаўа-райының кескин суўып кетиўи электр энергиясына болған талаптың артыўына алып келетуғыны бǝршеге белгили.

Бул болса өз гезегинде электр узатыў тармақларында ҳǝм трансформатор пунктлеринде артықша күшлениўди келтирип шығарыўы ҳǝм олардың системадан үзилиўине себепши болыў итималлығын арттырады. Усындай жағдайлардың бири 12-декабрь күни Нөкис қаласындағы Сǝрбиназ мǝкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 170-трансформатор пунктинде жүз берди. Түнги саат 22-00 шамасында артықша күшлениўди көтере алмаған трансформатор пунктиниң тийкарғы бөлеклери «күйип» кеткенлиги ҳаққындағы хабар Нөкис қалалық электр тǝмийнаты кәрханасына жетип барғаннан соң, авария орнына 5 хызметкер қурамындағы авариялық бригада жиберилди.

Бригада ағзалары, өткен түнде ҳаўа температурасының -20 градус әтирапында болыўына қарамастан, өзлериниң бар күш-жигерин ҳǝм шеберлигин жумсаған ҳалда тапсырманы сапалы орынлаўға еристи. Яғный 2 сааттың ишинде жаңа трансформаторды орнатылып, мәкан пуқаралар жыйынының турғынларына электр энергиясын жеткерип бериў тǝмийинленди.

Бул, айтыўға аңсат болғаны менен орынланыўы оғада машақатлы ўазыйпа. Солай екен, ҳәзирги суўық күнлерде аянбай мийнет етип атырған коммуналлық хызмет тараўының ўәкиллерин бүгинги күнниң ҳақыйқый қаҳарманлары, десек асыра айтқан болмаймыз. Бул электр энергиясы тǝмийнаты устасы Оразалы Тǝжимуратов басшылығындағы авариялық бригада ағзаларының күнделикли жумысынан бир ғана эпизод болып табылады. Республикамыздың энергетиклери бүгинги күни 24 саатлық жумыс режимине өтип, халқымызға үзликсиз электр энергиясын жеткерип бериў жолында аянбай мийнет етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.