Абонет номерлерин көшириў хызметинен 1000 нан аслам адам пайдаланады. Бул ҳаққында Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов Spot`қа мәлим етти.

Минстр бул биринши ҳәпте көрсеткишлери екенин, барлығы жақсы болып атырғанын көргеннен кейин, буннан да көбирек болыўын атап өткен.

Оның сөзлерине бола, ноябрь айы ақырына шекем министрлик санларды көшириў хызметиниң дәслепки нәтийжелери ҳаққында толығрақ мағлыўматқа ийе болады.

Еслетип өтемиз, Өзбекстанда 27-октябрьден баслап номерди сақлаған ҳалда уялы телефон операторын өзгертиў хызмети иске түсирилген еди.

Дәслепки басқышта физикалық шахслар өзи өтиўди қәлеген мобиль байланыс операторы офисине барған ҳалда мүрәжәәт етеди ҳәм мобиль номери көширилген жаңа сим картаны алып кетеди. Кейиншелли бул хызмет онлайн пайдаланыў имканияты болады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги