Әзелий туўысқан өзбек ҳәм қазақ халықларының өтмиши ҳәм бүгини, арзыў-нийетлери, умтылыслары уқсас. Бул тек ғана мәмлекетлеримиз арасындағы емес, ал регионаллық ҳәм халықаралық күн тәртибиндеги мәселелерди шешиўдеги ҳәрекетлерди бирлестириўде әҳмийетли рол атқармақта.

Бул Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева ҳәм Қазақстан Республикасы Парламенти Мәжилиси баслығы Ерлан Кошанов ушырасыўында атап өтилди.

Президентлеримиздиң өз-ара исеним ҳәм беккем сиясий ерк-ықрары себепли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлыққа тийкарланған қатнасықлар жоқары дәрежеге көтерилгени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Еки мәмлекет саўда-экономикалық бирге ислесиўине итибар қаратылып,  соңғы жыллары өз-ара товар алмасыў көлеми сезилерли дәрежеде артқаны, тек ғана усы жылдың январь-август айларында саўда-айланысы 2,8 миллиард долларға жеткени айтып өтилди.

Сөйлесиў даўамында Өзбекстан ҳәм Қазақстанның жетекши кәрханалары арасында кооперациялық жойбарлардың әмелге асырылып атырғаны, саўда көлемин 10 миллиард долларға арттырыў ушын барлық тийкарлар бар екенлигине итибар қаратылды.

Парламентлераралық бирге ислесиў байланысларын кеңейтиў ҳәм оны әмелий мазмун менен байытыў бойынша пикир алысылды. Атап айтқанда, Парламентлераралық бирге ислесиў кеңеси жумысын жеделлестириў еки тәреплеме келисимлердиң әмелде орынланыўын тәмийинлеўине исеним билдирилди.

Мәмлекетлеримиз арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиў Орайлық Азия раўажланыўының драйвери екени, парламентлераралық структуралар шеңберинде жумыс алып барылыўы регионымыздағы қоңсылардың да татыўлығына хызмет ететуғыны айтып өтилди.

Парламентлераралық бирге ислесиў Кеңеси, сондай-ақ, Қазақстан парламенти Мәжилиси менен бирге ислесиў бойынша парламент топары шеңбериндеги байланысларды жеделлестириў, нызам дөретиўшилиги бағдарында өз-ара тәжирийбе алмасыў, жас парламент ағзалары арасында нәтийжели пикирлесиўди жолға қойыў усынысы билдирилди.

Ушырасыў соңында мәмлекетлеримиз арасында жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыўға жәрдемлесиў, оларды шешиў ушын нызамшылықта зәрүр механизм жаратыўға келисип алынды.

Н.Абдураимова, ӨзА