Түркия пайтахты Анқара қаласында «Шалғытыўшы хабарларға қарсы гүрес» сүрени астында шөлкемлестирилген Азия-Тыныш океаны мәлимлеме агентликлериниң ассоциациясы (OANA) 51-мәжилисинде 15 ағза шөлкемнен 32 делегат, сондай-ақ, Бирлескен Араб Әмирликлери мәлимлеме агентлиги – WAM ўәкиллери қатнаспақта.
– Кейинги ўақытта социаллық медиа платформаларында қалыс емес мағлыўмат ҳәм хабарлар тарқалыўы тез-тезден ушыраспақта,-деди БАӘ делегациясы ҳәм WAM басшысы Мухаммед Жало Ар-Раисий. –Бундай жағдайды анықлаў, ҳақыйқатты жүзеге шығарыў, социаллық тармақтағы жаңалықларды тексериўде рәсмий мәлимлеме агентликлери ҳәм абырайлы ғалаба хабар қуралларының орны айрықша Жаңалықты жеткерип бериўде исенимлилик әҳмийетли. Ҳәр қыйлы жағдайда ўақыя-ҳәдийселердиң көплигинен келип шығып, надурыс хабар ямаса мағлыўматқа қарсы турыў, абайлы, сергек қатнаста болыў зәрүрлиги жүдә әҳмийетли.
Қолланылып атырған көринис ҳәм стереотип пенен бирге факт те әҳмийетли. Медиа структуралары ҳәм пуқаралық жәмийети гегемонизмнен келип шығатуғын дезинформация кампаниясына қарсы гүресиўи керек. Бул процесс жәмийетлик ҳәм избе-из стратегияны талап етеди.
Төрт күнге мөлшерленген илаж соңында OANA Стамбул декларациясын қабыллайды. Ҳүжжет жойбарына шөлкемниң Палестина-Израил келиспеўшилигиниң жаңа басқышы себепли пайда болған жағдай ҳәм бул регионда ислеп атырған журналистлердиң қәўипсизлигин имкан дәрежесинде тәмийинлеў зәрүрлиги бойынша айрықша усыныс киргизилген.
Бул ассоцация 35 мәмлекеттиң 40 тан аслам мәлимлеме агентлигин бирлестирген. Дүньядағы ең ири медиа шөлкем болып есапланған OANA ағзалары жәми глобал мәлимлеме ағымының үштен еки бөлегине ийелик етеди.
Муҳарамма Пирматова, ӨзА