Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 20-апрельдеги «Жоқары билимлендириў системасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ҳәм 5-майдағы «2017/2018-оқыў жылында Өзбекистан Республикасының жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў ҳаққында»ғы қарарлары қабыл етилип, республикамыздағы барлық жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыллаў квоталары белгиленди. Тест сынақларына қызғын таярлық жумыслары алып барылды ҳәм 1-август күни елимиз бойлап жоқары оқыў орынларына кириўши талабанларды мәмлекетлик тест сынағынан өткериў илажлары шөлкемлескенлик жағдайында өтти.

 

Быйылғы жылы Өзбекистан көлеминде бакалаврлар таярлаў бойынша улыўма қабыллаў квотасы 66 мың 586 болса, бул орынлар ушын 729 мың 947 абитуриент талабанлық етпекте. Қарақалпақстанлы талабанлар соның 5,82 процентин қурайды. Бүгин, 1-август ҳақыйқый билимлилерге әўмет әкелетуғын күн.

Быйылғы тест сынақлары алдынғы жыллардағыдан да қатаң тәртиплерде өткерилди. Бул өз гезегинде тест сынақларының әдил өтиўине тийкар жаратты.

***

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде де таң азаннан баслап қабыллаў жумыслары баслап жиберилди. Усы оқыў орнына қабыллаў пайтахтымыздағы 25 имаратта болып өтти.

Быйылғы оқыў жылында университетке 48 бакалавр тәлим бағдарына 19 883 абитуриент ҳүжжет тапсырған. Быйыл университете жаңадан 5 бакалавр тәлим бағдары ашылды. Олар – Энергетика, Метрология, стандартластырыў ҳәм өним сапасы менеджменти, Технологиялық машиналар ҳәм үскенелер, Азық-аўқат технологиясы, Дәрилик өсимликлер жетистириў ҳәм қайта ислеў технологиясы бағдарлары. Магистратура бөлимине 22 қәнигелик бойынша 87 адамды қабыллаў режелестирилген. Быйылғы оқыў жылында жаңадан 2 қәнигеликке ҳүжжет қабылланады.

2017-2018-оқыў жылына бакалавр тәлим бағдарына жәми 2200 студент қабыл етиледи, соның 640 ы мәмлекетлик грант тийкарында, 1560 ы контракт тийкарында. Бул көрсеткиш өткен жылғы қабыллаў квотасы менен салыстырғанда 16 процентке көп.

Сондай-ақ, усы жерде 50 абитуриенттиң оқыўға тест сынақларысыз киретуғынлығын да айтып өтиўимиз керек. Олардың 35 и сәўбет жолы менен киретуғын шет ел пуқаралары, 10 ы Өзбекистан чемпионлары, 3 еўи пән олимпиадасы жеңимпазлары, 2 еўи көзи әззилер.

– Мәмлекетлик тест сынақларын шөлкемлескенлик жағдайында өткериў ушын медициналық хызмет, жәмийетлик тәртипти сақлаў, өрт қәўипсизлиги сыяқлы барлық қәўипсизлик илажлары көрилген,-дейди университеттиң Қабыллаў комиссиясының жуўаплы хаткери У.Асанов.

Университетке әскерий усыныснамаға ийе  139 абитуриент ҳүжжет тапсырған. Президентимиздиң 2017-жыл 4-апрельдеги «Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2012-жыл 31-майдағы «Өзбекистан Республикасы Қураллы Күшлери қатарында мүддетли әскерий хызметти өтеп болған пуқараларға жеңилликлер системасын жетилистириўге қаратылған қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы қарары менен усы оқыў жылынан баслап әскерий бөлимниң тийисли усыныснамасына ийе болған пуқаралар жоқары оқыў орынларына кириўде тест сынақларынан топлаған балының 50 проценти муғдарында қосымша балл қосып бериледи. Бурын ең жоқары баллдың 27 проценти еди. Енди мәселен, 150 балл топласа, 75 балл қосып бериледи.

– Мен, Әмиўдәрья районынан келип отырман. Үлкен баламдағы туңғыш ақлығым Мадаминов Уктам быйыл колледжди питкерип еди. Енди университетке кириў ушын тест тапсырып атыр. Атасы, әкеси, анасы, дерлик барлық туўысқанлар бирге келип оны қоллап-қуўатлап, тилегин тилеп отырмыз. Ҳәммениң оқыўға кириўин тилеймен,-дейди С.Қурбаниязова.

***

Ҳақыйқатында да 1-август күни бул – талантлы, билимли, инталы ҳәм излениўшең жаслардың неше айлап, жыллап ийелеген билимлерин сыннан өткеретуғын, олардың өмириндеги тийкарғы шешиўши бағдарды белгилеп беретуғын күн болды.

Барлық жоқары оқыў орынлары қатары Ташкент педиатрия медицина институтының Нөкис филиалында тест имтиханларына таярлық жумыслары азанғы саат 6-00 де басланды.

Тест имтиханлары тийкарынан 3 орында (Нөкис қалалық 34-, 22-санлы мектеплерде ҳәм филиалдың екинши оқыў имаратында) өткерилди.

-Филиалымызға  быйыл 6 бағдар бойынша 205 студент қабылланады. Ал, жаңадан ашылған фармация ҳәм стоматология факультетлери есабынан және 80 (25 мәмлекетлик бюджет ҳәм 55 төлемли-контракт тийкарында) студент қосымша қабыл етиледи. Соннан усы жылы филиалымызға 2640 абутуриент өз ҳүжжетлерин тапсырды,-дейди филиалдың қабыллаў комиссиясы баслығының орынбасары Мурат Қурбаназаров.

– Қызым Шаҳзада Зийнелова усы жылы Ташкент педиатрия медицина институты қасындағы медициналық лицейин тамамлады ҳәм стоматология тәлим бағдарына өз ҳүжжетлерин тапсырды. Тест-әдалатлы болады деген үмиттемен, – дейди Маржан Искендерова.

***

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының тест имтиханлары 20  орында, яғный, институттың барлық имаратларында, академиялық лицей менен кәсип-өнер колледжлериниң, мектеплердиң аудиторияларында болып өтти.

– Тест күткенимнен қыйынлаў болды. Институттың қарақалпақ тили ҳәм әдебияты факультетине быйыл алдынғы жыллардан еки есе көп жаслар ҳүжжет тапсырғанын есапқа алсақ, имтиханлардың қыйынлығы оның әдалатлы ҳәм тек билимге сүйенген ҳалда өткерилгенинен дәрек береди, ─ дейди Кегейли районынан келген абитуриент Гүлжәҳән Үббиева.

 

1-август күни Қарақалпақстан Республикасындағы 6 жоқары билимлендириў мәкемелеринде тест сынақлары өткерилди.

Быйылғы оқыў жылында бул оқыў орынларына жәми 42539 абитуриент ҳүжжет тапсырған. Бул өткен жылға салыстырғанда 14,7 процентке көп. Солардан белгиленген квота бойынша быйылғы жылы бакалавриат бағдары бойынша 4772, соннан 1418 и мәмлекетлик грант есабынан, 3354 и шәртнама тийкарында қабыл етиледи. Жәми 98 бағдар бойынша абитуриент қабыл етилетуғын болса, олардың 9 ы жаңа бағдар болып есапланады.

Сондай-ақ, ҳүжжет тапсырған абитуриентлердиң 10 процентке шамаласы басқа ўәлаятлардан келген болса, 38 абитуриент шет ел пуқаралары,  ал 214 абитуриент әскерий бөлимлердиң усыныснамалары бойынша келген, 20 абитуриент пән олимпиадалары ҳәм таңлаў жеңимпазлары болып есапланады.

 

Ә.Жиемуратов,

Т.Сейтназарова,

М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.