Келеси жылы Қашқадәрьяда егислик майданларыныӊ агрохимиялық топырақ анализин өткеретуғын 10 мобиль лаборатория шөлкемлестирилетуғын болды.
Қаршы қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында өткерилип атырған мәжилисте бул ҳаққында мәлим етилди.
Және бир мәселе- ўәлаятта 1,4 миллион гектар жайлаў бар. Бул- 7 миллион бас қарамал ҳәм қой-ешки ушын тәбийғый азықлық базасы.
Бирақ, Миришкар, Мүбәрек ҳәм Нишонда 20 процент жайлаў деградацияға ушыраған, және 25 процентинде жасыл қаплама жоқ.
Соныӊ ушын, келеси жылы 100 мыӊ гектар жайлаўды жасыл егинлер менен қаплаў бағдарламасын әмелге асырыў ўазыйпасы қойылды.
Онда қурғақшылық, ыссылық ҳәм шөллениўге қарсы туқымгершилик хожалықлары шөлкемлестириледи, мийўе, палыз өнимлери ҳәм дәрилик өсимликлер егиледи, көп жыллық терекзарлықлар қурылады, суўды үнемлеўши технологиялар енгизиледи ҳәм қуяш энергиясында ислейтуғын насослар орнатылып, жаўынлатып суўғарыў пилот жойбары иске түсириледи.
Буннан тысқары, Шарўа малларыныӊ генетикалық изертлеў лабораториясы шөлкемлестирилип, Испанияныӊ “Ассаф” қойларынан жаӊа миллий нәсилли қойлар көбейтиледи.
Жуўапкерлерге 1,4 миллион гектар жайлаўдыӊ электрон картасын жаратыў ҳәм 100 мыӊ халықты бәнт етиў бойынша тапсырмалар берилди.
ӨзА