Қаршы қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилип атырған мәжилисте атап өтилгениндей, ўәлаятта жылдың төрт мәўсиминде туристлерди тартыў ушын имканият бар.

Бирақ, бул ҳәзир Шаҳрисабз районы, Шаҳрисабз қаласы ҳәм Китап пенен шекленген. Жылдың басынан ўәлаятқа 180 мың сырт ел туристи келген.

Жаңа тәжирийбе исленип, германиялы бирге ислесиўшилер менен Шаҳрисабз районындағы 3 туризм мәҳәллесиниң мастер-режеси таярланды.

Онда, 450 миллион доллар қосымша инвестиция ҳәм жылына 1 миллион турист тартатуғын инфраструктура жаратылмақта. Нәтийжеде исбилерменлерде қызығыўшылық күшейип, бул жойбарлардың 367 миллион доллары ямаса 81 процентин олардың өзи тикпекте.

Оның есабынан Шаҳрисабздың өзинде жылына 500 миллиард сум түсим күтилмекте, 5 мың жаңа турақлы жумыс орны пайда болмақта.

Жуўапкерлерге усы тәжирийбе тийкарында жылдың ақырына шекем Қамашы районы ҳәм Қаршы қаласында да жойбарларды иске қосыў тапсырылды.

ӨзА