ҚХР ҳүкиметиниң Жақын Шығыс бойынша арнаўлы елшиси Чжай Цзюнь Палестина – Израил келиспеўшилигиниң кескинлесиўине байланыслы жағдайды додалаў ушын регионның БАӘ, Саудия Арабстаны, Иордания сыяқлы мәмлекетлерине сапар етиўди режелестирмекте.

Қытай Орайлық телевидениеси Елшиниң төмендеги интервьюин эфирге берген:

Кеше ғана Қатар менен Египетте болдым, Қаирда шөлкемлестирилген тынышлық саммитинде қатнастым. Енди регионның басқа да мәмлекетлерине бараман. Мақсетимиз – бул мәмлекетлер менен оқ атыўды тоқтатыў, зорлықты сапластырыў ҳәм жағдайды жумсартыў бойынша ҳәрекетлеримизди муўапықластырыў барыў.

ӨзА