Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 23-октябрь күни АҚШ Халықаралық раўажланыў агентлиги (USAID) администраторы Саманта Пауэр басшылығындағы делегацияны қабыллады.
Делегация Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм АҚШтың министрлер дәрежесиндеги раўажланыў мәселелери бойынша ушырасыўында қатнасыў ушын мәмлекетимизде болып турмақта.
Конструктивлик ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.
Өзбекстанда USAID пенен биргеликте денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, «жасыл» энергетика, агробизнес ҳәм басқа да бағдарларда бир қатар жойбарлар жүзеге шығарылып, даўам еттирилип атырғанын атап өтиў керек.
Сөйлесиў ўақтында усы жылдың сентябрь айында Нью-Йорк қаласында БМШ Бас Ассамблеясы сессиясы шеңберинде болып өткен «C5+1» форматындағы мәмлекет басшылары саммитинде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў бойынша пикир алысылды.
ӨзА