Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 2024-жыл ушын мәмлекетлик бюджеттиң тийкарғы бағдарлары ҳәм тармақ және аймақларда әмелге асырылатуғын ўазыйпаларды додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Мәмлекетлик бюджет дәраматларын көбейтиў, қәрежетлерди оптималластырыў бойынша ҳәр бир тараў, тармақ ҳәм аймақлар кесиминде бар резервлер менен имканиятлар ҳәр тәреплеме талланды.

Дәслеп, ири санаат тармақларында қәрежетти қысқартыў арқалы өзине түсер баҳаны көбейтиў бойынша анық ўазыйпалар белгиленди. Мәселен, усы жылдың тек ғана төртинши шерегинде 349 ири санаат кәрханасында 2,1 триллион сум қәрежетлерди азайтыў мүмкин екени есап-санақ етилген. Бул жумысларды системалы даўам еттириў ушын ҳүкиметке келеси жылы ири тармақларда өзине түсер баҳаны 15-20 процент азайтыў бойынша бағдарлама ислеп шығыў тапсырылды.

Аймақлардың дәрамат базасын кеңейтиў мәселесине тоқтап өтилди. Соның ишинде, төмен қуўатлылықта ислеп атырған кәрханаларға жәрдем берип, оларды толық қуўатлылыққа шығарыў илажлары белгиленди. Исбилерменликти раўажландырыў, салық базасын кеңейтиў, абзаллықлар бериў арқалы «жасырын экономика»ны қысқартыў әҳмийетли екенлиги айтылды.

Аўыл хожалығында «үлкен секириў»ге тек ғана илим арқалы ерисиў мүмкин екени атап өтилди. Бул бағдарда жердиң сапасы, сорт ҳәм агротехнологияға заманагөй илим жетискенликлерин кеңнен үгит-нәсиятлаў арқалы бир гектарда пахта өнимдарлығын 50 центнерге, ғәлле жетистириўде 100 центнерге жеткериў ўазыйпасы қойылды.

Регионымызда суў машқаласы күн сайын әҳмийетли болып бармақта. Кейинги еки жылда суў хожалығына бюджеттен 22 триллион сум, соның ишинде, суўды үнемлейтуғын технологияларға дерлик 1 триллион сум субсидия ажыратылған.

Сол себепли келеси жылларда суўғарыў каналларын бетонлаў, суўды үнемлейтуғын технологиялар орнатыў жумысларына ажыратылатуғын қаржы көбейтилип барылады. Соның ишинде, келеси жылда орайласқан инвестиция есабынан 1,7 триллион сум ҳәм халықаралық финанс шөлкемлеринен 300 миллион доллар муғдарында суў инфраструктуралық жойбарлары әмелге асырылады. Мәмлекетимиз басшысы бул мәселеге кеңирек тоқтап, суўғарыў каналларын бетонлаў бойынша үш жыллық бағдарлама қабыл етилетуғынын атап өтти.

Жақында қабыл етилген «Өзбекстан – 2030» стратегиясында социаллық тараўларды раўажландырыў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленген. Сол себепли 2024-жыл ушын бюджет жойбарында бул тараўларға үлкен итибар қаратылған.

Атап айтқанда, келеси жылы инсан капиталын раўажландырыў ушын 102,5 триллион сум қаратыў мөлшерленбекте. Бул усы жылға салыстырғанда 15 процент көп.

Мәселен, дәслепки жойбарда 317 мектеп қурылысы ҳәм реконструкцияланыўы режелестирилген еди. Президентимиз бул мәселениң әҳмийетли екенин ҳәм орынлардағы талапты есапқа алып, және 150 мектептиң қурылысына қаржы ажыратыўды усыныс етти.

Мектепке шекемги билимлендириў, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў системасы ушын нәзерде тутылған қаржыларды көбейтиў бойынша да пикир билдирилди.

Соның менен бирге, бул қаржылардан ақылға уғрас пайдаланыў, ажыратылып атырған қаржылардың нәтийжелилигин арттырыў зәрүрлигине айрықша итибар қаратылды.

Келеси жылдан «Мәҳәлле бюджети» системасы толық енгизиледи. Бул – ҳәр бир мәҳәллениң 100 миллион сумға шекем қаржысы болады, дегени.

Мәмлекетимиз басшысы бул қаржыларды мәҳәлледе жумыс орнын жарататуғын, халықтың аўырын жеңил ететуғын жойбарларға қаратыў зәрүр екенин атап өтти. Бул жаңа система бойынша мәҳәлле басшыларын оқытыў, қаржылардың есабын жүргизиў ҳәм қадағалаў бойынша көрсетпелер берилди.

Соның менен бирге, бюджет интизамын күшейтиў бойынша нызамшылыққа усыныслар киргизиў зәрүрлиги айтылды. Бул бағдарда бюджет қаржылары есабынан тиккелей шәртнамалар дүзиўге жол қоймаў, ашық-айдын таңлаў ҳәм тендерлер өткериў әмелиятын кеңейтиў айрықша көрсетип өтилди.

Тармақ, тараў ҳәм аймақларға келеси жылы 32 миллиард доллар инвестиция енгизиў, экспортты 19 миллиард долларға жеткериў имканиятлары көрип шығылды.

Мәжилисте билдирилген пикирлер тийкарында 2024-жыл ушын бюджет жойбары Олий Мажлис Нызамшылық палатасына киргизиледи.

Күн тәртибиндеги екинши мәселе аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўға байланыслы болды. Мәмлекетимиз басшысы Қашқадәрья ўәлаяты мысалында жылдың ақырына шекемги жумысларды максимал дәрежеде орынлаў, келеси режелерди белгилеўде халықтың талабы ҳәм машқаласынан келип шығыў жолын көрсетип берди. Бунда ҳәкимликлер менен министрликлер теңдей жуўапкер екени, өз-ара муўапық ислеп, тараў ҳәм орынлардағы мәселелерди шешиў зәрүр екени атап өтилди.

ӨзА