WhatsApp’тың бета-версиясында мессенжердиң барлық пайдаланыўшылары ушын пайдалы функция табылды. Гәп бир мәртелик даўыслы хабарлар ҳаққында болмақта. WabetaInfo қәнигелери жаңалық ҳаққында айтып берди.
Пайдаланыўшылар чатқа қайсы «даўыс»ты жибериўди таңлаўы мүмкин: толық яки өзин-өзи жоқ ететуғын. Екиншисин тек бир мәрте тыңлаў мүмкин. Бул даўыслы хабарды сақлаў, экспорт етиў ямаса басқа орынға жибериў мүмкин емес.
WabetaInfo бул функция мессенжерди және де қәўипсиз етеди, деп есаплайды. Соны айтыўымыз керек, ҳәттеки Telegramда да бир мәртелик даўыслы хабарлар жоқ, бирақ еки чатта да жоғалып атырған фотосүўретти жибериў мүмкин.
Өзин-өзи жоқ етиўши даўыслы хабарлар енди iOS ҳәм Androidдағы бета-тестерлер ушын бар. Жаңалық жақын айларда шығарылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги