Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында усы жылдың 9 айында ерисилген экономикалық нәтийжелер, жылдың ақырына шекем күтилип атырған көрсеткишлер ҳәм 2024-жылға мөлшерленген макроэкономикалық прогнозлар додаланды.
Усы жылдың 9 айында мәмлекетимиз экономикасы 5,8 процентке өсти. Соның ишинде, санаат 5,7 процент, аўыл хожалығы 4,1 процент, хызметлер 12,1 процентке артты.
Дүнья базарлары ҳәм логистикадағы қыйыншылықларға қарамастан, экспорт 23,5 процентке артып, 17,7 миллиард долларды қурады.
Экономика тармақлары ҳәм аймақларда ири санаат ҳәм инфраструктура жойбарларының әмелге асырылып атырғаны есабынан 226,6 триллион сум инвестициялар өзлестирилип, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 11,8 процентке көбейди.
Мәжилисте усы жылдың ақырына шекем күтилип атырған көрсеткишлер талланды.
Мәмлекетимиз басшысы дүньядағы аўыр жағдай экономикаға унамсыз тәсир етип атырғаны ҳәм белгисизлигинше қалып атырғаны, соның ушын турақлы экономикалық өсиўди избе-из даўам еттириў ушын ишки имканиятларды көбирек иске қосыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Соның ушын 2023-жылдан қосымша қун салығы 15 проценттен 12 процентке азайтылды. Оның есабынан исбилерменлердиң ықтыярында 7 триллион сум қосымша қаржы қалды.
Сондай-ақ, аймақлардың инфраструктурасын жақсылаўға 35 триллион сум, халықты социаллық қоллап-қуўатлаўға 19 триллион сум қаратылды.
Усылардың нәтийжесинде, быйылғы жылы абырайлы халықаралық шөлкемлер тәрепинен глобал экономика 3 процентке өсиўи прогноз етилип атырған ўақытта, миллий экономикамыз кеминде 5,6 процентке артыўы күтилмекте.
Мәжилисте 2024-жылы турақлы экономикалық өсиўге ерисиў илажлары ҳәр тәреплеме додаланды.
Бизге белгили, усы жылы сентябрьде қабыл етилген «Өзбекстан – 2030» стратегиясында экономиканы турақлы раўажландырыў, халықтың абаданлығын арттырыў бойынша көплеген мақсет ҳәм ўазыйпалар белгиленди. Ҳүкиметке 2024-жылға мөлшерленген экономикалық бағдарламаны усы стратегиядағы ўазыйпаларды орынлаў көзқарасынан пуқта ислеп шығыў тапсырылды.
Онда жалпы ишки өнимниң ҳәзирги өсиў пәтин келеси жылы да даўам еттириў ушын барлық имканиятлар менен резервлер бар екенлиги көрсетип өтилди.
Атап айтқанда, 2024-жылы 13 миллиард долларлық 300 ден аслам жойбарды иске қосыў, энергия тәмийнатын турақластырыў, тармақлардың нәтийжелилигин арттырыў есабынан санаатта 6 процентке өсиў имканияты бар.
Хызметлер тараўында 15 процентке өсиўди тәмийинлеў ушын транспорт, логистика, агро-хызметлер, қамсызландырыў, лизинг сыяқлы бағдарлардағы пайдаланылмай атырған имканиятларды толық иске қосыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы транспорт, суў хожалығы, коммуналлық сыяқлы тараўларда басланған реформаларды жеделлестириў, онда халық ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаўға айрықша әҳмийет қаратыў зәрүр екенлигин атап өтти.
ӨзА