Нөкис қаласындағы Теле орай мәкан пуқаралар жыйыны аймағында  “Жасыл мәкан” улыўма миллий акциясының басланыўына бағышланған илаж болып өтти.

Онда елимиз абаданлығына үлес қосыўды нийет еткен нуранийлар, жаслар, ҳаял-қызлар, кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп,  соӊғы жыллары Президентимиз тәрепинен мәмлекетимизде жасыл аймақларды кеңейтиўге ҳәм экологиялық жағдайды жақсылаўға қаратылып атырған айрықша итибарға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимиз басшысы усы жыл 11-октябрьде өткерилген видеоселектор мәжилисинде бул бойынша бир қатар әҳмийетли усыныслар билдирип, тийкарғы ўазыйпаларды белгилеп берди. Атап айтқанда, 25-октябрьден 1-декабрьге шекем журтымызда “гүзги терек егиў мәўсими” жәрияланды. Соның менен бирге Президентимиз Шавкат Мирзиёев жақында БМШ минберинде инсаният өмирине қәўип салып атырған үш кризис – климат өзгериўи, биологиялық көп түрлиликтиӊ жоғалыўы ҳәм қоршаған орталықтыӊ патасланыўын сапластырыўға байланыслы әҳмийетли басламаларды алға қойды.

Дана халқымызда “Жақсыдан бағ қалады” деген мәнили ҳикмет бар. Солай екен, миллий қәдириятларымызға садық қалған ҳалда, шаӊарақта перзент дүньяға келгенинен оған атап нәл егиў, жәрдем жолы менен бағлар жаратыў, имаратлардыӊ әтирапын көклемзарластырыў сыяқлы ийгиликли дәтүрлеримизге сәйкес түрде ҳәр бир хожалық тәрепинен 20 түп нәл егиў ҳәм өсириў басламасы республикамыздағы пуқаралар жыйынларының белсендилери, нуранийлар, зыялылар, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар ўәкиллери тәрепинен қоллап-қуўатланбақта. Быйылғы жылдың бәҳәр мәўсиминде республикамызда 8 миллион 861,5 мың түп мийўели ҳәм саяманлы терек нәли егилген болса, гүз мәўсиминде 5 миллион 950 мың түп нәл егиў режелестирилмекте.

Усы күни акция қатнасыўшылары тәрепинен жақсы нийетлер менен дәслепки терек нәллери отырғызылды. Солай етип, “ Жаӊа Өзбекстан- жасыл мәканда бирге жасайық! ” деген уллы идеяны өзинде жәмлеген акция қала ҳәм районларымызда, мийнет жәмәәтлеринде, оқыў орынларында даўам етпекте.

11

Қарақалпақстан хабар агентлиги