Қарақалпақстан Республикасы мәҳәлле белсендилери, нураныйлары, зыялылар, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар ўәкиллериниӊ халқымызға

ҮНДЕЎИ

Əзиз Ўатанласлар!

Журтымыздыӊ ҳәр бир қарыс жери алтынға теӊ. Оныӊ гөззал тәбияты, тынық ҳаўасы, шыпабағыш суўлары ҳәр қандай кисини өзине тартады.

Мине, усындай қайталанбас гөззаллықты қәстерлеп сақлаў, қоршаған орталықты, жер ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, оларды келешек әўладқа сап ҳалында жеткерип бериў ҳәр биримиздиӊ миннетимиз.

Соӊғы жыллары Президентимиз тәрепинен мәмлекетимизде жасыл аймақларды кеңейтиў ҳәм экологиялық жағдайды жақсылаўға айрықша итибар қаратылмақта.

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде қала ҳәм районлардың аймақларында ҳәр түрли декоратив ҳәм мийўели терек нәллери егилмекте.

Әсиресе, быйылғы жылдың бәҳәр мәўсиминде қала ҳәм районларымыз аймағында жәми 9 млн. ға шамалас терек нәллери егилиўи тәмийинленди.

Усы жылдың 11-октябрь күни, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен кеӊейтилген тәризде өткерилген видеоселектор мәжилисинде быйылғы жылдың гүз мәўсиминде 25-октябрь сәнесинен 1-декабрь сәнеси аралығында “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеӊберинде республикамыз бойлап 85 млн. түп терек ҳәм пута нәллерин егиў тапсырмасы белгилеп берилди.

Мудамы ана тәбияттыӊ, қоршаған орталықтыӊ  тазалығын ҳәм турақлылығын сақлаўға умтылып келетуғын көп миллетли халқымыздың атынан биз Президентимиздиӊ усы басламасынан  руўхланып, бәршеӊизди, пүткил халқымызды “Жаӊа Өзбекстан–жасыл мәканда бирге жасайық!” деген уллы идеяны қоллап-қуўатлаўға шақырамыз.

Дана халқымыз әзел-әзелден жерге, тәбиятқа жүдә итибарлы қатнаста

болып, ҳәмийше оны қәстерлеп сақлаўға “Бирин кессеӊ, онын ек”, деп бағлар жаратыўға умтылған.

Солай екен, миллий қәдириятларымызға садық қалған ҳалда, шаӊарақта перзент дүньяға келгенинде оған атап нәл егиў, көмек жолы менен бағлар жаратыў, имаратлардың әтирапын көклемзарластырыў сыяқлы ийгиликли дәстүрлеримизге  сәйкес тәризде  ҳәр бир хожалық тәрепинен 10 түп нәл егиў ҳәм өсириў басламасын алға қоямыз.

Сондай-ақ, ҳәр бир пуқараныӊ той ҳәм басқа да жақсы күнлерине нәл егиўди дәстүрге айландырсақ, не дейсизлер?! Бул оғада саўаплы илаж емес пе?

Ҳүрметли Ўатанласлар!

Бәринен бурын, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Республикамыздың тийкарғы өзеги болған мәҳәллелерди абаданластырыў, соның ишинде, “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында халқымыздың абадан турмыста жасаўы ушын кең көлемли жумыслардың алып барылып атырғанын, оны ҳәр бир Ўатанласымыздың өз турмысында терең сезинип атырғанын атап өтиў орынлы.

Соның менен бирге, Журтбасшымыздың Арал теңизиниң қурыған ултанын жасыл мәканларға айландырыў бағдарында алып барып атырған реформалары, дүньяның жоқары минберлеринде қоршаған орталығымызда экологиялық турақлылықты сақлаў бағдарындағы шақырықларын да биз терең сезиниўимиз тийис.

Тийкарында, қоршаған орталығымыздың турақлылығын сақлаўға, өз босағамыз ҳәм әтирапымызды абаданластырыўға, оны жасыл бағларға айландырыўға инсаныйлық және логикалық жақтан да ҳәр биримиз жуўапкермиз. Неге дегенде, халқымызда “Жақсыдан бағ қалады”, “Өмириңнен бир күн қалса да терек  ек” деген сөзлер бийкарға айтылмаған.

Бизге белгили болғанындай, Ана тәбиятымызға унамлы қатнаста болыў, қоршаған орталығымызды таза сақлаў ҳәм көклемзарластырыў ата-бабаларымыздан бизге қалған уллы қәдирият болып табылады. Улыўма айтқанда, тәбияттың бир бөлеги екенбиз, қоршаған орталығымызды, Ана тәбиятымызды сақлаў – өзимизди сақлаў дегени.

Хабарыңыз бар, әйне пайытта елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде мәҳәллелерге, соның ишинде, көше-қыябанлар менен үй алды әтирапларына терек нәллерин егиў илажлары басланды. Бул Сизиң де қолыңыздан келеди.

Қәдирли мәҳәллелеслер!

Сизлерди ҳүрметли Президентимиздиң халқымыздың айдын келешеги, аспанымыздың ашықлығы ҳәм пүткил инсаният ушын зәрүр болған экологиямыздың турақлылығын тәмийинлеў бағдарындағы ийгиликли басламаларына ийинлес болып, “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбарында белсене қатнасыўға шақырамыз!

Ҳүрметли нураныйлар!

Сизлердиӊ турмыслық  тәжирийбеӊиз, дуўаларыӊыз ҳәм тилеклериӊиз халқымыз ушын бәрҳама үлкен таяныш ҳәм сүйениш болып келмекте.

Мәмлекетимиздиң абаданлығы, көшелеримиздиң көрки, шаӊарақларымыздың берекетин сақлаў, онда кеӊ жәмийетшиликтиң қатнасын тәмийинлеў бойынша усы жыл гүз айларын руўхый пәклик, мәнаўий жетиклик, пикирлерди жаӊалаўға умтылыў дәўири деп тәрийиплеў мүмкин.

Барлық нураныйлар, орта жастағылар ҳәм жасларымыз «Жасыл мәкан» ҳәрекетин қоллап-қуўатлап бир хожалық ең кеминде үш түп нәл, мәкеме, кәрхана, шөлкемлер он бес түптен терек тиксе, журтымыз көклем- зарлыққа айланар еди.

Бүгин журтымыздағы тынышлық, халқымыздыӊ артып баратырған турмыс дәрежеси, қала ҳәм аўылларымыздыӊ көркем келбети, адамлардыӊ сана-сезимлериндеги өзгерислер, улыўма, өмиримиздиӊ барлық тараўларындағы илгерилеў ўатанласларымыздыӊ ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында алып барылып атырған реформаларға жанажан Ўатанымыздыӊ келешегине болған исенимин және де беккемлемекте.

Қолайлы ҳәм абадан турмысты бизге ҳеш ким, ҳеш қашан шеттен келип жаратып бермейтуғынын умытпаӯымыз керек. Оны өзлеримиз, өз мийнетимиз нәтийжесинде жаратсақ, анығырақ айтқанда, ҳәр биримиз өз мәҳәллемиз, аўылымыз, көше ҳәм хожалықларымыздыӊ таза ҳәм пайызлы болыўы ушын үлесимизди қоссақ, журтымыз абат мәканға айланады.

Ерте сәҳәрде турып, көше-ҳәўлилеримизди сыпырып, дөгерекке суў сеўип, ҳәр түрли гүллер ҳәм тереклер егиў қайсы шаӊараққа шырай бағышламайды дейсиз! Бул бойынша шаӊарақ ийелерине, жасларымызға мәсләҳәтлер бериў, жол-жоба көрсетиў, дөретиўшиликке шақырыў, көпти көрген, тәжирийбели, нураный ақсақалларымыздыӊ еӊ баслы ўазыйпасы.

Елимиздеги раўажланыўлар ҳәм өзгерислерде кексе әўлад ўәкиллериниӊ тутқан орны айрықша ҳәм оларға мәмлекетимиз тәрепинен қаратылып атырған итибар күннен-күнге артпақта.

Абаданлық бар жерде қут-берекет, мудамы раўажланыў ҳәм келешекке беккем исеним руўхы болатуғынлығын умытпайық.

 Ҳүрметли дийқан ҳәм фермерлер, қыйтақ жер ийелери!

Бүгинги күнде Республикамыз районларында  5 мыӊнан аслам фермер,
16 мыӊнан артық дийқан  хожалықлары ҳәм 342 мыӊнан зыят қыйтақ жер ийелери хызмет етип келмекте. Жерге меҳир бериў, оныӊ ҳәр бир қарыс жеринен өнимли пайдаланыў, нәл егип, бағ жаратыўда сизлердиӊ үлесиӊиз үлкен.

Бундай саўаплы ислерди даўам еттириў ушын ҳәр бир хожалық ийеси өзиниӊ қыйтақ жерине, мәҳәлле гүзары ҳәм көшесине 10 түптен нәл ексе, үлкемизде  орташа 5 миллион терек пайда болады.

Фермерлеримиз “Бир атыз – бир өним” принципи тийкарында өз аймағында  тут, жүзим, терек ҳәм басқа нәллерди ексе, ҳәр бир қарыс жеримиз бағқа айланады.

Қәдирли зыялылар, илим, әдебият, көркем өнер ўәкиллери ҳәм спортшылар!

Мәмлекетимизде халқымыздыӊ абаданлығын тәмийинлеў, күн-көрис дәрежеси ҳәм сапасын арттырыў жолындағы басламаларды қоллап-қуўатлаўда сизлердиӊ белсене қатнасыўыӊыз әҳмийетли.

Сизлер киби ел таныған дөретиўшилерге, зыялылар ҳәм спортшыларымызға халқымыз, әсиресе жаслар ҳәўес пенен қарайды.

Солай екен, елимизде әмелге асырылып атырған гүзги терек егиў мәўсиминде сизлерден  жаӊа басламалар, әмелий ҳәрекетлер ҳәм жеке үлги күтип қаламыз!

Әдиўли аналар, әзиз апа-қарындаслар!

Шаӊарақларымыздың берекети, мәҳәллелеримиздиң көрки Сизлер менен гөззал!

Тәбият биз ушын анамыздай муқаддес болып есапланады! Ана ҳәм тәбият түсиниги бир-биринен ажыралмас түсиник. Анамызды қандай әдиўлесек, тәбиятты да сондай қәдирлеўди перзентлеримиздиң санасына тереӊ сиӊдирип барыўымыз шәрт!

Əсиресе, Қарақалпақстан шараятында экологиялық қәўиплердиӊ кери тәсирлеринен қорғаныў мақсетинде жасыл аймақларды көбейтиў, көклемзарластырыў ҳәм экологиялық жағдайды, ҳаўаның тазалығын жақсылаўға итибар қаратылыўы айрықша әҳмийетке ийе екенлигин ҳәр биримиз жүдә жақсы билемиз. Сол ушын да биз аналар, өсип киятырған жас әўладты тәбиятқа меҳир көзи менен қараўға, инсан тәбияттың ажыралмас бир бөлеги екенлигин уқтырып барыўымыз зәрүр.

Себеби, келешек әўладларымыз ата-бабаларымыз сыяқлы бағы-бостанларды жаратыўшы, ана тәбияттыӊ қорғаўшысы болсын! Сонда ғана тәбиятты өз ҳалында сақлап, оны келешек әўладқа сап ҳалында жеткере аламыз.

Ҳәзирги ўақытта, “Аналар – жасыл мәкан ушын” басламасыныӊ дәстүрге айланып, мәҳәллелерде “Аналар бағы” шөлкемлестирилип атырғанлығы жүдә қуўанышлы. Бул жумысларды әмелге асырыўда мәҳәллелердеги  “Өрнекли ҳаяллар” ҳәрекети, көшебасы ҳаялларымыздыӊ да мүнәсип орны бар. Алдағы ўазыйпамыз – усындай қайырлы ислерди халқымыз арасында кеӊнен ен жайдырып, үлкемизди бағы-бостанларға айландырыўда белсендилик көрсетиў.

 

Қәдирли мәҳәлле белсенди жаслары!

Әйне ўақытта,  айырым мәҳәллелерде,  көше ҳәм гүзарларда бос турған,  терек егилмеген жерлер де көп. Ендиги ўазыйпамыз усы жерлерди бағқа айландырыўда мәҳәлле аймағының аўызбиршилигин күшейтиў,  аймақтың абатлығы ҳәм халықтың абаданлығына хызмет ететуғын жойбарларды кеңейтиўден ибарат болып есапланады. Оның ушын ҳәр бир мәҳәлледе “Мәҳәлле бағлар”ын жаратыўымыз, жасыл аймақларды көбейтиўимиз,  жеке үлги ретинде дәслеп өз шаңарағымыз ҳәм көшемизди абаданластырыўымыз, “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбарына өз үлесимизди қосыўымыз зәрүр.

Егилген ҳәр бир нәлге қараў ҳәм сақлаўда мәҳәлле белсендилери пидайылық көрсетиўи керек. Оның ушын мәҳәлледеги жаслар жетекшилерин ҳәм бала бийлерди  жуўапкер ретинде бириктириў мақсетке муўапық болады.

Әзиз жаслар!

Сизлер Жаңа Өзбекстанның келешегисиз. Президентимиз ҳәм халқымыз күтип атырған жоқары жетискенликлерге ерисиўде ақыл-парасатыңыз,  күш-ғайратыңыз,  ана Ўатанға болған садықлығыңыз жүдә әҳмийетли күшке ийе.

Ана жеримизге меҳир бериң!  Нурлы келешек ушын бүгиннен баслап өз шаңарағыңыз,  көшеңиз,  мәҳәллеңизге нәл егиң,  аймақта “Жаслар бағы”н шөлкемлестириўде белсендилик көрсетиң!

Ҳасла умытпаӊ, сиз Өзбекстан перзентисиз,  сизиң үлесиңиз – бул ата-анаңыз,  мәҳәллеңиз ҳәм пүткил халқымыздың абаданлығы ушын хызмет етеди. Солай екен, бәршеңизди жасап атырған мәканымызды жасыл мәканға айландырыўға шақырып қаламыз.

Қәдирли Ўатанласлар!

Терек егиў ҳәм оған ғамхорлық етиўди мәжбүрлик емес ал, қәдирият сыпатында қабыл етейик!

Ҳәр биримиз келешек әўлад алдындағы миннетимизди тереӊ сезген ҳалда, “Жасыл мәкан” жойбарын  пүткил халықлық миллий ҳәрекетке айландырайық!

Бизден перзентлеримизге абат, жасылға бүркенген гөззал Ўатан мийрас болып қалсын!