Усы жыл 18-октябрь күни Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектебинде грек-рим, еркин гүрес ҳәм ҳаял-қызлар гүреси  бойынша “New Uzbekistan” халықаралық  жарысыныӊ ашылыў салтанаты болып өтти.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасыныӊ мәмлекетлик гимнлери жаӊлады.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеснниӊ Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, жарыс қатнасыўшыларына әўмет тиледи.




Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде спортты, соныӊ ишинде, спорт гүреслерин олимпия спорт түрлери сыпатында ғалаба ен жайдырыў, жаслардыӊ арасынан спортшыларды таӊлап алыў системасын жақсылаў, миллий сайланды командаларымыздыӊ абырайлы спорт жарысларында жоқары нәтийжелерге ерисиўин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақда. Бунда Президентимиздиӊ 2022-жыл 29-июльдеги “Спорт гүреслериниӊ олимпия түрлерин буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Усындай шараятлар нәтийжесинде спортшыларымыз халық аралық жарысларда жоқары нәтийжелерге ерисип келмекте. Жақында ғана Қытайдың Ханчжоу қаласында болып өткен Азия ойынларында  грек-рим гүреси бойынша 87 килограмм салмақта Жалғасбай Бердимуратов алтын,  ҳаял-қызлар гүреси бойынша -53 килограмм салмақта Ақтеңге Кеўнимжаеваныӊ қола медальларын қолға киргизиўи, бәршемизди қуўанышқа бөледи.

Жоқарыда атап өтилген қарардыӊ орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде үлкен жастағылар арасында “New Uzbekistan” халықаралық жарысын өткериў белгиленди. Онда Тәжикстан, Қырғызстан, Қазақстан, Беларусь, Түркменстан,  Армениядан ҳәм елимиздиӊ барлық аймақларынан 300 ден зыят палўан қатнаспақта. Кеше грек-рим гүреси бойынша барлық салмақ категорияларында жеӊимпазлар анықланды. Бүгин еркин гүрес ҳәм ҳаял-қызлар гүреси бойынша жеӊимпазлар мәлим болады.

Халық аралық жарыстыӊ ашылыў мәресиминде қатнасыўшыларға көркем өнер шеберлериниӊ концерт бағдарламасы қойып берилди.


Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы