Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қытайға сапарының екинши күниндеги илажлар шеңберинде «China Energy Engineering Corporation» баслығы Сун Хайлян менен ушырасыў өткерди.

Заманагөй энергетика, инфраструктура ҳәм санаат объектлерин жойбарластырыў ҳәм қурыў бағдарында үлкен тәжирийбеге ийе Қытайдың «China Energy» жетекши корпорациясы дүньяның көплеген мәмлекетлеринде ири инвестициялық жойбарларды әмелге асырмақта. Компания активлериниң баҳасы 150 миллиард доллардан артық.

Ушырасыўда компания Өзбекстан энергетикасын технологиялық модернизациялаўда белсене қатнасып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

«China Energy» Қашқадәрья ҳәм Бухара ўәлаятларында қуяш ҳәм самал электр станциялары, Сырдәрья ўәлаятында ыссылық электр станциясын қурыў жойбарларын әмелге асырмақта.

Компания Наўайы ўәлаятында гибрид электр станциясын қурыўда қатнасыў нийетинде.

Буннан тысқары, усы жылдың сентябрь айында Самарқанд ўәлаятында цемент ислеп шығарыў бойынша заманагөй қуўатлықлар биргеликте иске қосылды.

«China Energy» менен шериклик перспективалары, соның ишинде, инфраструктура объектлерин модернизациялаў, энергияны сақлаў системаларын шөлкемлестириў, энергетика тармағын 2030-жылға шекем раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде маман қәнигелерди таярлаў мәселелери додаланды.

Суў хожалығында кооперациялаў, санааттың ҳәр қыйлы тармақларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға да айрықша итибар қаратылды.

Ушырасыў соңында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў бағдарында комплексли бағдарламаны таярлаў бойынша келисимге ерисилди.

ӨзА