Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 18-октябрь күни Пекин қаласында «Бир мәкан, бир жол» халықаралық форумының ашылыў мәресиминде сондай-ақ, «Инсан ҳәм тәбият үнлеслиги жолында «Жасыл жипек жолын» биргеликте қурыў» темасындағы жалпы мәжилисинде қатнасты.
Қытай вице-президенти Хань Чжэн модераторлығында өткен саммит жумысында Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриш, мәмлекет ҳәм ҳүкиметлердиң жетекшилери, қаржы институтларының басшылары да қатнасты.
Президентимиз өзиниң шығып сөйлеген сөзинде барлық қатнасыўшыларды «Мәкан ҳәм жол» басламасының он жыллығы менен қызғын қутлықлады.
Уллы жипек жолын қайта тиклеўге қаратылған бул уллы идея тарийхый жақтан қысқа дәўирде көплеген тәрепдарларына ийе болғаны ҳәм халықаралық бирге ислесиўдиң жаңа моделине айланғаны атап өтилди.
Қытайдың ҳәр тәреплеме стратегиялық шериги сыпатында Өзбекстан бириншилерден болып «Мәкан ҳәм жол» басламасын қоллап-қуўатлаған ҳәм бул басламаның тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпаларын және де алға қойыўдың исенимли тәрепдары.
Мәмлекетимиз басшысы «Жасыл жипек жолы» басламасы мәниси, итибары менен улыўмалық «жасыл» келешек күн тәртибин қәлиплестиретуғынын атап өтти.
ҚХР Баслығы Си Цзиньпин тәрепинен биринши мәрте 2016-жылы бизиң мәмлекетимизде алға қойылған бул басламаны Өзбекстан ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайды.
Регионымыздағы аномал ҳаўа-райы шараятлары, тез-тезден жүз берип атырған қурғақшылық ҳәм шаң боранлары, жерлердиң жедделик пенен деградацияға ушыраўы ҳәм шөллениўи, био ҳәртүрлиликтиң жоқ болыўы көринисинде көзге тасланып атырған қурамалы экологиялық жағдайға тоқтап, мәмлекетимиз басшысы Орайлық Азия дүньядағы климат өзгериўи ақыбетлеринен ең көп зыян көрип атырған регионлардан бири екенин атап өтти.
Өзбекстан Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясы тәрепинен қабыл етилген арнаўлы резолюция шеңберинде Аралбойында экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймақларын жаратыў бойынша кең көлемли бағдарламаны әмелге асырып атырғаны атап өтилди.
Усы мәниде, быйылғы жылдың сентябрь айында БМШ Бас хаткериниң басламасына бола өткерилген Климат өзгериўи менен байланыслы үлкен ўазыйпалар саммитиниң жуўмақларына жоқары баҳа берилди.
Орайлық Азияда «жасыл» раўажланыў тараўындағы мақсетлерге ерисиў жолында пикир алысыў ҳәм ҳәрекетлерди бирлестириў ушын Өзбекстан басшысы 2024-жылы Самарқанд халықаралық климат форумын өткериў басламасы менен шықты.
– Бул форум турақлы раўажланыў жолындағы глобал қәўип-қәтерлерге жуўап табыў ушын «Келешек ушын – Самарқанд қарым-қатнасы»н шөлкемлестириўде әмелий қәдем болып хызмет етеди деп үмит етемен,-деди Президентимиз.
Мәмлекетимиз «Жасыл жипек жолы» шеңберинде кең көлемли халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўдан мәпдар екени атап өтилди.
Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан жетекшиси Қытай ҳәм «Мәкан ҳәм жол» басламасының басқа да қатнасыўшылары менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де беккемлеў бойынша пикирлесип, ортақласты.
«Орайлық Азияның «жасыл» күн тәртиби» ҳәм «Жасыл жипек жолы» концептуаллық басламаларын өз-ара байланыстырыў шеңберинде экономика тармақларын «жасыл» раўажланыў талаплары тийкарында трансформациялаў ҳәм санластырыў, транспорт ҳәм энергетика тармақларында турақлы инфраструктураны жаратыў, «жасыл» санаат қуўатлықларын иске қосыў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм «ақыллы» аўыл хожалығын раўажландырыў илажлары менен жойбарларын өз ишине алған «Жасыл» раўажланыў бағдарламасын ислеп шығыў усыныс етилди.
«Жасыл жипек жолы»н қурыў жолындағы және бир әҳмийетли ўазыйпа – «жасыл» өндирис шынжырлары ҳәм инновацияларды раўажландырыў.
Қытайдың жетекши компаниялары менен биргеликте ҳәм басқа да сырт ел бирге ислесиўшилерин тартқан ҳалда, «жасыл технологиялар»ды енгизиў тийкарында санаат тараўында ҳәм әҳмийетли социаллық әҳмийетке ийе болған бағдарламаларды әмелге асырыў ушын Аралбойы регионында Арнаўлы үлгили технологиялық паркти шөлкемлестириўге таярлық билдирилди.
Мәмлекетимиз басшысы аз углеродлы ҳәм «таза» технологияларды раўажландырыў, сондай-ақ, регион еллеринде жоқары экологиялық стандартларды енгизиў мақсетинде Өзбекстанда «Жасыл қаржыландырыў» қорын шөлкемлестириўди усыныс етти.
Сондай-ақ, Өзбекстан жетекшиси «жасыл» өнимлер, әсиресе, аўыл хожалығы өнимлериниң өз-ара саўдасындағы шеклеў ҳәм тосқынлықларды азайтыўға шақырды.
«Жасыл» энергетикаға өтиў бойынша пикирлесиўди жеделлестириў ҳәм «Мәкан ҳәм жол» басламасына қосылған мәмлекетлер министрлериниң турақлы ушырасыўларын өткериў усынысы билдирилди.
Өзбекстан Президенти Аралбойы халықаралық инновациялар орайы тийкарында «жасыл» билим ҳәм шешимлерди трансферлеў бойынша илимий-мәлимлеме платформасын иске қосыў басламасын алға қойды.
«Жасыл» раўажланыў ҳәм экология тараўы ушын маман кадрлар жетиспеўшилиги артып атырғанын есапқа алып, мәмлекетимиз басшысы Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университети тийкарында жетекши сырт ел жоқары оқыў орынлары ҳәм билимлендириў орайлары менен биргеликте «Жасыл» раўажланыў ҳәм экология тараўында қәнигелер таярлаў ҳәм академиялық алмасыўды раўажландырыў бойынша биргеликте бағдарлама ислеп шығыўды усыныс етти.
Буннан тысқары, Президентимиз тәбийғый ресурслар ҳәм қоршаған орталыққа абайлы түрде қатнас жасаў мәселесине тоқтап өтти.
«Бир мәкан, бир жол» басламасы шеңберинде белгили жәмийетлик ғайраткерлер, илим, бизнес ҳәм мәденият ғайраткерлериниң қатнасыўында этно-экологиялық фестивальлар, форумлар, презентациялар ҳәм басқа да илажлар өткериўди нәзерде тутыўшы «жасыл» мәдениятты раўажландырыў бойынша Глобал бағдарламаны иске қосыўды усыныс етти.
Президент Шавкат Мирзиёев сөзиниң соңында форум жуўмақлары, онда билдирилген идея ҳәм усыныслар инсанияттың «жасыл» келешегин қурыў жолында әҳмийетли үлес болатуғынына исеним билдирди.
ӨзА