10-май күни Назарбаев университети ҳәм Қазақстан миллий географиялық жәмийети – QazaqGeography экспедициялық топары Арал теңизине бағышланған илимий-ағартыўшылық экспедициясын баслады. Арқа ҳәм Қубла Арал жағалаўларын изертлеўге арналған «Арал-2018» илимий-ағартыўшылық экспедициясы 10-29-май күнлери аралығында болып өтеди. Гидробиолог илимпазлар ҳәм картографлар экспедициясы қурамында белгили журналистлер, фотографлар да бар.

Быйылғы экспедицияның айырмашылығы сонда, быйыл изертлеў орынларына Қубла Арал да киргизилген. Илимий экспертизаның нәтийжелери бойынша планктонлық топарлардың биологиялық көп түрлилиги, суўдың шорланыўы, фосфор дәрежеси бойынша мағлыўмат топланады. Бул болса Арқа ҳәм Қубла Арал жағалаўларындағы экологиялық жағдайды алдын ала болжаў имканиятын жаратып береди.

Сондай-ақ, экспедицияда Арал жағалаўлары бойынша туристлик жөнелислер картасын ислеп шығыў, фото ҳәм видеоматериалларды таярлаў ушын материаллар топлаў баслы мақсетлердиң бири болмақта.

– Бул QazaqGeography экспедициялық топарының Арал теңизине шөлкемлестирип атырған үшинши илимий-ағартыўшылық сапары. Быйылғы жылы да сапарымыз Назарбаев университети илимпазлары менен бирге шөлкемлестирилмекте. Изертлеў орынларына Қубла Арал да кирди, – дейди QazaqGeography жәмийетиниң басқарма баслығы Қанат Байғарин.

Сапардағы 19 күн даўамында экспедиция қурамындағы 20 адам 5 автомобильде Қазақстан ҳәм Өзбекстан аймағындағы 7 мың километрлик аралықты басып өтеди.

– Сапар «Астана – Балқаш – Шуў– Тараз – Шымкент – Ташкент – Самарқанд – Бухара – Ургенч – Нөкис – Мойнақ – Арал теңизи – Бейнеў – Бозой – Арал теңизи – Арал – Қызылорда – Жезқазған – Қарағанды – Астана» жөнелиси бойынша өткериледи, – дейди экспедиция басшысы Нуржан Алғашов.

Трансшегаралық туризмниң раўажланыўы Орайлық Азия мәмлекетлери ушын оғада әҳмийетли есапланады. Өйткени, туристлер Орайлық Азия еллерине кластер арқалы барады. Экспедиция Арал регионы ушын туристлик карталарды ҳәм трансшегаралық жөнелислерди таярлаўға жәрдем береди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.