Бишкекте Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлердиң экономика ҳәм сыртқы саўда жумысы ушын жуўапкер министрлериниң мәжилиси басланды, деп хабар береди «Кабар» мәлимлеме агентлиги.

Ушырасыўда көп тәреплеме саўда-экономикалық бирге ислесиў бағдарламасының қағыйдаларына әмел етилиўи мәселеси көрип шығылмақта. Илаж даўамында бизнес ҳәм инвестициялық шерикликтиң ҳәзирги жағдайы ҳәм бирге ислесиўди және де раўажландырыў перспективасы бойынша да пикир алысылады.

Қырғызстан экономика ҳәм саўда министри Дониёр Амангелдиев әнжуманның әҳмийетли күн тәртиби ШБШ майданында саўда-экономикалық байланысты және де кеңейтиў, инвестициялық потенциалды арттырыў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша нәтийжели қарарлар, илажлар қабыл етиўди талап етиўине итибар берди.

«ШБШ мақсетин нәтийжели әмелге асырыў, узақ мүддетли экономикалық раўажланыўды тәмийинлеў, соның ишинде, қысқа мүддетли кризиске нәтийжели жуўап бериў көзқарасынан жумысты жеделлестириў зәрүр», деди ол.

Азық-аўқат қәўипсизлиги кризиси климат өзгериўи, азық-аўқат өнимлерин жеткерип бериў бойынша халықаралық транспорт коридорлары жумысының бузылыўы, энергия баҳасының артыўы менен байланыслы екени атап өтилди.

Сөйлесиўде товарларды үзликсиз жеткерип бериў ушын халықаралық транспорт-логистика системасын жетилистириў, санлы саўда бойынша бирге ислесиўди кеңейтиў усынысы ортаға тасланды. Бул келешекте саўда тәртип-қағыйдасын әпиўайыластырады.

Қатнасыўшылар тәрепинен қайта тиклениўши энергия дәреклери ҳәм энергия үнемлеўши өндирис технологияларынан пайдаланыў көлемин кеңейтиў бағдарында да анық усыныслар билдирилди.

ӨзА