Германияның Кёльн қаласындағы «Genau. TV GmbH» кинокомпаниясының баслығы ҳәм режиссёры Иммо Мойлер ҳәм корреспондент М.Хенсен усы жылдың июль айында Германиядан Вьетнамға шекем автомашинада барыўды режелестирмекте.
Сапардан гөзленген баслы мақсет, немис регионаллық телевидениеси есапланған «WDR» телеканалында эфирге берилетуғын «Erlebnisreisen» («Ҳәрекеттеги дем алыс») бағдарламасы ушын «Дүньяның басқа тәрепиндеги еллерге саяхат» көрсетиўин таярлаўдан ибарат.
Режиссёр Иммо Мойлердиң айтыўына қарағанда, олар 4-14-август күнлери аралығында Қазақстан арқалы елимизге келеди ҳәм жол-жөнекей Арал теңизи, Қарақалпақстан, Хийўа, Бухара, Самарқанд, Ташкент, Қоқанд, Әндижанда болып, елимиз арқалы Қырғызстанға барыўы белгиленген.
Сапар даўамында олар елимиздиң дыққатқа ылайықлы орынлары, архитектуралық естеликлери, туристлик мәнзиллерде болыўы режелестирилмекте.
Мағлыўмат ушын, режиссёр Иммо Мойлер көрсетиўлер таярлап беретуғын «WDR» телеканалын Германия ҳәм Европаның басқа еллериндеги 25 миллионнан аслам адамлар тамашалайды.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.