Қурама Штатлар Орайлық Азияның бес республикасы менен бирге ислесиўди стратегиялық жақтан әҳмийетли, деп есаплайды ҳәм байланысларды раўажландырыў нийетинде. Бул ҳаққында Мәмлекетлик департаменттиң терроризм менен гүрес мәселеси бойынша муўапықластырыўшы орынбасары Грегори Ложерфо баянат берди.

«Биз Орайлық Азияда болғанбыз, бул процессти және даўам еттиремиз. Гәп стратегиялық тилеклеслик ҳаққында болмақта»,-деди дипломат Вашингтондағы Америка исбилерменлери институтындағы шығып сөйлеген сөзинде.

– Бул регионда Россия ҳәм Қытай бар,-деди ол. – Орайлық Азиядағы шериклеримиз басқа бирге ислесиўшилер қатары соны билсин, биз исенимли шерикпиз.

ТАСС агентлигиниң хабарында Ложерфо бес республика менен қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында толық айтпағаны, тек ғана Аўғанстан аймағынан келетуғын қәўипке қаратылған шегара қадағалаўы бойынша бирге ислесиўге тоқтап өтилгени айтылған.

АҚШ ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери жетекшилери 19-сентябрь күни БМШ Бас ассамблеясының 78-сессиясы шеңберинде ушырасыў өткерген еди.

ӨзА