Усы жылдың 10-13-май күнлери аралығында Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (ӨзА), «Жаҳон» мәлимлеме агентлиги, Daryo.uz, Kun.uz, Nuz.uz сыяқлы белгили интернет-басылымлары, «Народное слово», «Даракчи», «Бекажон» сыяқлы көп тиражлы газеталар ҳәм экология тараўына қәнигелескен газета-журнал, интернет басылымларының журналистлери, сондай-ақ, «Дунё бўйлаб» телеканалы оператор, режиссёрлары, блогерлерлер ҳәм фотографлардан ибарат ғалаба хабар қураллары ўәкиллери Қарақалпақстанда болады.

Саяхаттан гөзленген баслы мақсет, Қоңырат ҳәм Мойнақ районлары аймағындағы Судочье көли, Үстирт платосы, теңиз Маягы, Үрге посёлкасы, Үстирт чинклери, Аралдың қурыған ултанындағы егилип атырған тоғайлықлар, Үшсай балықшылар посёлкасы, Корабльлер қойымшылығы, Әмиўдәрьяның сағасы, сондай-ақ, Шеге көл сыяқлы бирнеше орынларға медиа-тур шөлкемлестириўден ибарат.

Бул медиа-тур UzWaterAware жойбары шеңберинде Европа Аўқамының Орайлық Азиядағы экологиялық орайы және де Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм район ҳәкимиятлары тәрепинен шөлкемлестирилмекте.

Медиа-турдың барысы ҳаққында кейинги материалларымызда толық мағлыўматлар берип барамыз.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.