Пайтахтымызда жеӊил атлетика бойынша Өзбекстанда хызмет көрсеткен тренер Г.Г. Арзумановтыӊ естелигине арналған V халықаралық турнир өткерилмекте.
Бул жарыс Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги, Миллий олимпия комитети ҳәм мәмлекетимиз жеӊил атлетика федерациясы тәрепинен шөлкемлестирилди. Онда ўатанласларымыздан тысқары Бахрейн, Қырғызстан, Тәжикстан сыяқлы мәмлекетлерден келген атлетлер жеӊис ушын гүреспекте.
Халықаралық турнирдин биринши күнинде найза ылақтырыў бойынша ўатанласларымыздан Мадина Насреддинова, Махлиё Тожалиева ҳәм Наргиза Қўчқорова үлкен нәтийжелерге еристи. Усы бағдарда ер адамлар арасындағы гүреслерде алтын медаль тәжикстанлы Зикрулло Тўрахоновқа несип еткен болса, гүмис ҳәм бронза медальларын Улуғбек Эгамбердиев ҳәм Ҳумоюн Аббосхонов қолға киргизди.
Диск ылақтырыў бойынша ҳаял-қызлар жарысында тәжикстанлы Муштари Бобогулова биринши орынды ийеледи. Юлианна Шукина ҳәм Динара Орипова болса миллий командамыз есабына бронза ҳәм гүмис медальларын қосып қойды. Ер адамлар ортасында Абдуазим Раҳматуллаев, Рашид Содиқов ҳәм Дунёзод Сайфуллоев қарсыласларына имканият қалдырмады.
Узынлыққа секириў бойынша ўатанласларымыз Милана Постнова ҳәм Беҳрузбек Тешаев еӊ жоқары орынларды ийелеген болса, бийикликке секириўде ер адамлар арасында Амир Нагаев миллий командамыз резервине гезектеги алтын медалды косып қойды.
Ер адамлар арасында 1500 ҳәм ҳаял- қызлар арасында 400 метрге жуўырыў жарысларында Дилшод Ғофуржонов ҳәм Вероника Логинова финиш сызығын биринши болып басып өтти.
Жарыс даўам етпекте.
ӨзА