Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлигинде тараўды раўажландырыўға бағдарланған бир қатар презентациялар өткерилди.
Дене тәрбия ҳәм спорт илмий изертлеўлер институтында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм келешектеги ўазыйпалар, спорт шынығыўларын алып барыўды санластырыў, жаслар менен ислесиў бағдарындағы ўазыйпалардыӊ орынланыўы бойынша Қоқанд қаласы, Бухара ҳәм Самарқанд ўәлаяты тәжрийбелери, соныӊ менен бирге, айырым қарар жойбарлары бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм машқалалар көрип шығылды.
Илажда Жаслар сиясаты ҳәм спорт министри Адҳам Икромов, министрликтиӊ басқармасы баслығы Рашид Мадкаримов, Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети проректоры Анвар Ходжаев ҳәм басқалар пикир-усынысларын билдирип өтти.
ӨзА