Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 20-апрельдеги «Жоқары билимлендириў системасын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ҳәм 5-майдағы «2017/2018 оқыў жылында Өзбекистан Республикасының жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў ҳаққында»ғы қарарларында көрсетилген ўазыйпаларды орынлаўға бағышланған мәжилис болып өтти.
Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңесиниң жуўапкер басшылары, тийисли министрликлер менен ведомстволардың, жоқарғы оқыў орынларының басшылары, қәнигелери, тийисли мәкемелер менен шөлкемлердиң усы жумысларға бекитилген хызметкерлери қатнасты.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев алып барды.
Мәжилисте қаралған мәселелер бойынша тийисли қәнигелер шығып сөйлеп, усы жылдың 1-август күни өткерилетуғын мәмлекетлик тест сынақларын өткериўге таярлық көриў бойынша әмелге асырылған жумыслар туўралы кең түрде мағлыўмат берди.
Атап өтилгениндей, республикамыздағы 6 жоқары билимлендириў мәкемелерине быйылғы жылы бакалавриат бағдары бойынша 4772 адам, соннан 1418 адам мәмлекетлик грант есабынан, 3354 адам төлеў-шәртнама тийкарында қабыл етилиўи белгиленген. Быйылғы оқыў жылында бакалавриатта жәми 98 бағдар бойынша абитуриентлер қабыл етилсе, солардың тоғызы жаңа бағдарлар болып есапланады. Быйылғы оқыў жылында оқыўға ҳүжжет тапсырыў 42539 адамға жетти, бул өткен жыл менен салыстырғанда 14,7 процентке артық.
Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң усы жыл 30-июньдеги жоқары оқыў орынларындағы имарат ҳәм аудиториялардың тест сынаўларына таярлығын тексериў бойынша дүзилген жумысшы топарының мағлыўматлары тыңланды. Тест сынаўлары болып өтетуғын барлық 58 имаратта бүгинги күни парталарды нызам талаплары тийкарында номерлеў, аудиторияларды зәрүр қурал-әсбаплар менен тәмийинлеў сыяқлы соңғы таярлық жумыслары алып барылмақта.
Мәжилисте теске таярлық жумысларындағы анықланған айырым кемшиликлер қатаң сынға алынды ҳәм сапластырыў бойынша мүддет белгиленип, тийисли тапсырмалар берилди.
Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.