Президент Шавкат Мирзиёевтиң пәрманларына муўапық, Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллығы мүнәсибети менен бир топар ўатанласларымыз ҳүрметли атақлар, орден ҳәм медальлар менен, сырт ел инвесторлары «Дўстлик» ордени менен сыйлықланған еди.

30-август күни Көксарайда усы сыйлықларды тапсырыў мәресими болды.


Мәмлекетимиз басшысы мәресим қатнасыўшыларын бәринен бурын Ғәрезсизлик байрамы менен қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди. Бул дәўирде мәмлекетимиз үлкен раўажланыў жолын басып өткени, барлық тараўларда өзгерислер болып атырғаны атап өтилди.

– Халық мәпин тәмийинлеў, инсан қәдирин улығлаўға қаратылған ҳәрекетлерди даўам еттириў мақсетинде «Өзбекстан – 2030» стратегиясын ислеп шықтық. Оның жойбарын додалаўға қойғанымызда 1 миллионнан көп усыныслар келип түсти. Бул неден дәрек! Халқымыз бийпәрўа емес. Бағдарларымызды, кемшиликлеримизди көрсетип берип атыр. Бул биз ушын «жол картасы». Мәмлекетке ең үлкен төреши – халық,-деди Президент.



Бул әҳмийетли ҳүжжетте Ўатанымыз ғәрезсизлигин ҳәм тынышлығын сақлаў, күшли экономиканы қәлиплестириў, халқымыздың турмысын абат ҳәм абадан етиў, перзентлеримизди бәркамал етип тәрбиялаў ўазыйпалары белгиленген.

– Әпиўайы етип айтқанда, бизиң мақсетимиз бир: ол да болса, Жаңа Өзбекстанда халқымыз жайнап ислейтуғын, турмыстан разы болып, жайнап жасайтуғын мәмлекет қурыўдан ибарат,-деди Шавкат Мирзиёев.


Оның тийкары, бәринен бурын, тынышлық, турақлылық. Халқымыз оның қәдирине жетип, умтылыў, мийнет руўхында жасамақта. Жаңадан-жаңа заманагөй санаат кәрханалары иске қосылмақта. Илим, технологиялар, хызмет көрсетиў бағдарында әҳмийетли нәтийжелер қолға киргизилмекте. 2022-жылдың жуўмақларына бола, мәмлекетимиздиң экономикалық өсиў көрсеткиши 5,7 процентти қурады.

Ҳәзирги күнде елимиздиң барлық аймақларында ықшам турақ жайлар, жол ҳәм көпирлер, емлеўханалар, бақша, мектеп, мәденият ҳәм спорт орайлары қурылмақта. Тәбият қыйыншылықларына қарамастан, аўыл хожалығы егинлеринен мол өним алынып, азық-аўқат қәўипсизлигин, халқымыз дастурханының молшылығын тәмийинлеўге ерисилмекте.


Усылар ҳаққында айтып, Президентимиз уллы ойшыл Әлийшер Наўайы бабамыздың «Бул дүньяда инсанлардың дәрти менен тәшўишлерин ойлап жасаў – адамгершиликтиң ең жоқары өлшеми» деген сөзлерин келтирди.

Оның көринисин халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламына, соның ишинде, кексе әўлад ўәкиллери, ҳаял-қызлар ҳәм жасларға ғамхорлықтан анық көриў мүмкин. Кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, сапалы билим бериў, заманагөй кәсип-өнерлерге үйретиў, инфраструктураны жақсылаў есабынан республикамызда кәмбағаллық дәрежеси сезилерли дәрежеде төменлемекте.


Мәмлекетимиз басшысы мәҳәллелердеги жумысларды, адамлардың белсендилигин атап өтти.

– Биз биринши күннен халықтың ишине кирип барып атырмыз. Көп системаларды мәҳәллеге түсирип атырмыз. Неге? Мәҳәлле – мәмлекетшилигимиздиң тийкары. Егер 9 мың 400 мәҳәлле тыныш болса, елимиз тыныш болады. Инвестиция да, тәлим-тәрбия, қурылыс, абаданластырыў да мәҳәлледе болса, қандай өзгерис болады?! Мине, «ашық бюджет» арқалы адамлар өз машқаласын алып шығып, даўыс берип, өзи қадағаламақта. Соның ушын мәҳәлле системасын раўажландырыў бойынша жумысларымызды қатаң даўам еттиремиз,-деди Шавкат Мирзиёев.



Президент мәресимге жыйналғанларды атпа-ат тилге алып, мәмлекетлик сыйлықлар менен қутлықлады. Оларды Жаңа Өзбекстанның ҳақыйқый дөретиўшилери сыпатында қәдирлейтуғынын атап өтип, пидайы мийнети, жас әўладқа үлгиси ушын миннетдаршылық билдирди.

– Бахыт не өзи? Перзентлер қушағында саў-саламат жүриў, шаңарақта, ел-халықта әзиз болыў, ҳадал ислеген мийнетиниң қәдирин көриў. Пүткил халқымыз сизлер менен мақтанады, сизлерге ҳәўес пенен қарайды. Илайым, мине, усындай абырай, мине усындай ҳүрмет-итибар сизлерди ҳеш қашан тәрк етпесин,-деди Шавкат Мирзиёев.



Буннан соң, сыйлықланғанларға ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлар салтанатлы түрде тапсырылды.

Бизге белгили, миллий өзлигимизди аңлаў көзқарасынан, Президентимиздиң басламасы менен «Имам Бухарий» ордени шөлкемлестирилген. Елимиз ҳәм регионымызда муқаддес ислам динин сақлаў, илимий мийрасын үйрениў ҳәм мусылманларға жеткериў жолында руўхый мәртлик көрсетип жасаған еки уллы ўатанласымыз, марҳум муфтийлар – шейх Зиёвуддинхан ибн Ийшан Бабахан ҳәм шейх Мухаммед Садық Мухаммед Юсуф ҳәзирети «Жоқары Дәрежели Имам Бухарий» ордени менен сыйлықланған еди. Илажда олардың перзентлерине усы уллы нышан тапсырылды.


Ел-халқымызда ҳүрметке ерискен нураныйлар, мәмлекетлик хызметкерлер, илимпаз ҳәм педагоглар, исбилерменлер, санаатшылар, дөретиўши ҳәм көркем өнер шеберлери, әскерлер, спортшы ҳәм тренерлер сыйлықларды қабыллап алды.

Президентимиз оларды қутлықлап, шын кеўилден дил сөзлери ҳәм тилеклерин айтты.



– Бүгин мен сизлердиң ашық жүзиңиз, бахытқа толы көзлериңизди, сизлердеги жоқары руўхты көрип, ашығын айтсам, өзим сыйлық алғандай қуўанып турман. Нийетим: көкирегиңизге жарасып турған мине усы жоқары атақ ҳәм нышанлар сизлерге жаңа күш-ғайрат бағышласын,-деди Президент.

Сыйлықланғанлар жоқары итибар ушын миннетдаршылық билдирип, халқымызға жақсы тилеклер билдирди.











ӨзА