Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Халық билимлендириўи тараўындағы көп жыллық жемисли мийнети, мәмлекетимизде билимлендириў системасын раўажландырыў, оқыў-тәрбия процесине алдынғы сырт ел тәжирийбелерин, инновациялық педагогикалық технологияларды енгизиў жумысларына қосқан мүнәсип үлеси, жас әўладтың билим ҳәм потенциалын арттырыў, олардың кеўлинде илим ҳәм билимге умтылыс, мийнетсүйиўшилик ҳәм кеңпейиллик көнликпелерин қәлиплестириў ҳәм беккемлеў, перзентлеримизди ийгиликли идеялар, ўатансүйиўшилик, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў жолындағы үлкен хызметлери ҳәм жәмийетлик турмысқа белсене қатнасқаны ушын Наманган ўәлаяты Косонсой районындағы 9-қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектеп-интернатының директоры Султанова Мамуражон Рахмановнаға «Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкери» ҳүрметли атағы берилсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2023-жыл 28-август