Өзлериниң анық мақсетлерине ерисиў ушын белгили бир жөнелисти таңлап алған абитуриентлер ушын толғаныслы күнлерге санаўлы күнлер қалды.
Тест имтиханлары 1-август күни болып өтеди.
Усы мүнәсибет пенен оқыў орынларында ДТМ (Давлат тест маркази) рухсатнамалары бериле баслады. Атап айтқанда, Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университети Нөкис филиалында 29-июль күни (тест имтаханлары бир имаратта өткериледи), Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты 29-30-июль күнлери (тест имтиханлары 20 орында), Ташкент педиатрия медицина институтының Нөкис филиалы 29-30-июль күнлери (тест имтиханлары 3 орында), Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети 29-июльде (25 орында), Өзбекистан мәмлекетлик Мәденият ҳәм көркем-өнер институтының Нөкис филиалы 29-30-июль күнлери (Спорт колледжи имаратында),Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы 28-июльден (8 имаратта) баслап бериле баслайды.
ДТМ рухсатнамалары бериле баслаған жоқары оқыў орынларында абутуриентлерден тест сынақларына 1-август күни азанғы саат 7-00 де белгиленген имаратына паспорты ҳәм ДТМ рухсатнамасы менен келиўи қатаң талап етилмекте.
Сондай-ақ, абитуриентлерге микрокалькулятор, сөзлик, кесте, китап, қол телефоны, компьютер, телекоммуникация технологияларын және де шпаргалка алып киргенлиги анықланса, сол ўақыттың өзинде акт дүзилип, тест имтиханларынан шетлетилетуғыны ескертилмекте.
Абитуриентлер сол күни ручка, қағаз ҳәм ишимлик суўы менен тәмийинленеди.
1-август күни қаламыздағы жөнелисли маршрутлар азанғы саат 4-00 ден баслап ҳәрекетте болады.
Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар
агентлигиниң хабаршысы.