Украинадағы келиспеўшилик дипломатиялық ҳәрекетлер менен шешилиўи керек, Пакистан жәбирленген районларда тыныш халыққа гуманитарлық жәрдем көрсетиўди даўам еттиреди, деп баянат берди шийшемби күни Пакистан қорғаныў министриниң биринши орынбасары Хамид-ул-Замон Хон.

«Пакистан Украинадағы келиспеўшиликке дипломатиялық жол менен шешим табыў зәрүр, деп есаплайды ҳәм жәбирленген аймақларда тыныш халыққа гуманитарлық жәрдем көрсетиўди даўам етеди»,-деп атап өтти министрдиң биринши орынбасары Москвада болып өткен халықаралық қәўипсизлик мәселелерине бағышланған конференцияда.

ӨзА